“Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” сабақлығы жаратылды

78

Елимиздиң ең жаңа тарийхының әҳмийетли ўақыялары ҳәм сәнелерине байланыслы бир қатар илимий, оқыў-методикалық ҳәм фундаменталлық шығармалар жаратыў, әсиресе, миллий мәмлекетшилигимиздиң пайда болыўы ҳәм раўажланыўына байланыслы илимий ҳәм илимий-ғалабалық, оқыў-методикалық ҳәм ағартыўшылық әдебиятларды таярлаў, басып шығарыў, сол арқалы жаслардың елимиз тарийхы ҳаққындағы билимлерин және де байытыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири, десек қәте болмайды.

Тарийхшы алым Бўри Қадиров авторлығында басып шығарылған “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” атлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң қәнигелик емес билимлендириў бағдарлары ушын сабақлық, сондай-ақ, “Өзбекстанның ең жаңа тарийхынан түсиндирме сөзлик” ҳәм “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы пәнинен бийғәрез билимлендириўди шөлкемлестириў” оқыў-методикалық қолланбалары бул бағдарда өзиниң бир қатар өзгешеликлери менен үлкен әҳмийетке ийе.

Автор тәрепинен “Өзбекстанның ең жана тарийхы” сабақлығы оқыў бағдарламаларында көрсетилген темалар тийкарында жаратылған болып, онда Өзбекстанның ғәрезсизликке ерисиў процесслери, ғәрезсизлик жылларында елимизде демократиялық-ҳуқықый мәмлекеттиң қурылыўы, мәмлекетте әмелге асырылған социаллық-экономикалық ҳәм руўхий-ағартыўшылық жумыслар, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң тынышлықты сүйиўши сыртқы сиясаты мәселелери жана материаллар тийкарында байытылған. Сабақлықта Жана Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм жаңаланған Конституциясынын өзине тән тәреплери ҳәм мазмун-мәнисине де үлкен әҳмийет қаратылган.

Сабақлықта ҳәр бир тема ақырында таяныш сөзлер, тема бойынша сораў ҳәм тапсырмалар, пайдаланылған әдебиятлар дизими келтирилген. Китапта сондай-ақ, басқа сабақлықларда ушыраспайтуғын Өзбекстанның ғәрезсизлик қарсаңындағы ҳәм ғәрезсизлик жылларындағы, Жана Өзбекстан дәўиринде жүз берген әҳмийетли тарийхый сәнелер избе-излик тийкарында келтирилген.

“Өзбекистанның ең жаңа тарийхы” китабының өзине тән тәреплеринен және бири мәмлекетимиздиң бүгинги раўажланыў дәўиринде жүз берип атырған революциялық өзгерислердиң көлеми ҳәм жеделлиги, олардың халқымыз, ҳәр бир шахс турмысындағы орны ҳәм тәсири ҳәр қыйлы мысалларда көрсетип берилгенлиги менен байланыслы. Әсиресе, келешегимиз болған жас әўладты өз ўатанына меҳир-муҳаббат руўхында тәрбиялаў ҳәм оларда жоқары мәнаўий пазыйлетлерди қәлиплестириўде, миллий сана-сезим ҳәм саламат пикир оятыўда, Ўатан, халық ҳәм ғәрезсизлик тәғдири ушын идеялық гүрес руўхында тәрбиялаўда, сондай-ақ, жоқары мәнаўиятлы кәмил инсан болып қәлиплесиўинде усы басылымлардың әҳмийети үлкен. Соның менен бир қатарда, бул пән халқымыз тарийхын ҳақыйқый сүўретлейтуғын, сәўлелендиретуғын айна, социаллық, сиясий, тәрбиялық, руўхый сабақлар комплекси, десек қәте болмайды.

Б.Қодиров тәрепинен таярланған китаплардан және бири – “Өзбекистанның ең жана тарийхынан түсиндирме сөзлик” басылымы. Бул түсиндирме сөзлик кең көлемли болып, тийкарынан усы ўақытқа шекем Өзбекстанның ең жаңа тарийхы бойынша жаратылған сабақлық, оқыў қолланбалары, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм тарийхый шығармаларда ушырасатуғын атамалардың түсиндириўине бағышланған. Бул сөзлик пән бағдарламаларында қамтып алынған темаларға да сүйенгенин айрықша атап өтиў керек. Сөзликтен орын алған ҳәр бир атама өтмиште ҳәм тарийхый дереклерде қалай жазылғанына қарай әлипбе тәртибинде, сөзлердиң этимологиясы болса қаўсырма ишинде берилген. Бул болса, оқыўшыда Өзбекстанның ең жаңа тарийхында ушырасатуғын атамаларды толық билиў имканиятын береди.

Б.Қодиров тәрепинен таярланған “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” пәнинен өз бетинше билим алыўды шөлкемлестириў” оқыў-методикалық қолланба “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” пәнинен студентлердиң өз бетинше билим алыўын шөлкемлестириў” үлги ҳәм жумысшы оқыў режелерине сәйкес ҳалда ислеп шығылған болып, ол жоқары билимлендириў процесинде өз бетинше билим алыў ушын ажыратылған темалардың студентлер тәрепинен және де пуқта өзлестирилиўи ушын жәрдемши дерек ўазыйпасын атқарыўы менен үлкен әҳмийетке ийе.

Қолланбада студентлердиң өз бетинше жумысларын шөлкемлестириў процесинде белгили тема бойынша лекция тексти, реферат, курс жумысы, слайд, көргизбели қураллардан пайдаланыў ҳәм графикалық жумысларды орынлаў, макет, модель ҳәм көркем шығармалар үстинде ислеў, әмелияттағы бар машқаланың шешимин табыў, тест, дискуссия сораўлары ҳәм тапсырмалар таярлаў, илимий мақала, тезислер ҳәм әмелий мазмундағы стандарт емес мәселелерди шешиў ҳәм де дөретиўшилик ислеў мәселелерин орынлаўға итибар қаратылған.

Сондай-ақ, “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” пәнинен өз бетинше билим алыўды шөлкемлестириў” бойынша таярланған оқыў-методикалық қолланбада өз бетинше билим алыўды дурыс шөлкемлестириў ҳәм студентлер менен биргеликтеги жумыс процесинде табыслы нәтийжелерге ерисиў басшыдан (оқытыўшыдан) тек ғана өзи өтип атырған пән бойынша терең билимге ийе болыўы емес, ал сол ўақытта студентлер менен жумысты дурыс шөлкемлестириў, ҳәр бир студенттиң талантын ҳәм қәбилетин имканы болғанынша есапқа алған ҳалда қатнас жасаўына айрықша итибар қаратылған. Қолланбада сондай-ақ, басшы (оқытыўшы) пән (курс) бойинша лекция ҳәм семинар сабақлары процесинде түрли педагогикалық технологиялар ҳәм интерактив усылларды қолланып ҳәрбир студенттиң өзине тән қәсийетлерин анықлап, өз бетинше билим алыў бойинша мәсләҳәт сабақларында студентлерге дурыс бағдар бере алыўы ҳәм өз бетинше билим алыўды шөлкемлестириўден гөзленген мақсетке ерисе алыўы мәселелери ашып берилген.

Бир сөз бенен айтқанда, “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” сабақлығы жанында “Өзбекстанның ең жаңа тарийхынан түсиндирме сөзлик” ҳәм “Өзбекстанның ең жаңа тарийхы” пәнинен өз бетинше билим алыўды шөлкемлестириў” оқыў-методикалық қолланбасының жаратылғаны Ўатанымыздың ең жаңа тарийхы оқыўшы ҳәм студентлер тәрепинен терең ҳәм пуқта өзлестирилиўинде әҳмиетли дәрек ўазыйпасын атқарады.

Б.Қадировтың Өзбекстанның ең жаңа тарийхына тийисли жаңа оқыў қолланбалары көп жыллық илимий излениўлериниң нәтийжеси болып, олардың ҳәр бири жоқары оқыў орынлары студентлери, изертлеўши илимпаз ҳәм кең китапқумарлар ушын мөлшерленген.

Шуҳрат ҲАЙИТОВ, филология илимлериниң докторы, ӨзА