“Домлар”ға тутас аймақлар қандай жағдайда сақланбақта? – Министрлик жуўап берди

2025-жылы алып барылған қадағалаў илажлары даўамында көп квартиралы турақ жайларға тутас жерлерде 1 мың 952 нызамсыз қурылыс жағдайы анықланған. Олардан 738 и орнында сапластырылған болса, қалған 1 мың 214 жағдай бойынша судларға даўа арзалары киргизилген.
Көп квартиралы турақ жайларға тутас жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм ҳәр қыйлы қурылмалар қурыў жағдайлары тез-тез ушырасып атырғанын атап өтиў керек.
Нызамшылық палатасының усы жыл 23-сентябрьде болып өткен мәжилисинде көп квартиралы турақ жайларға тутас аймақлардағы жасыл майданлар, балалар ойын ҳәм спорт майданшаларын орын ийелери, басқарыў сервис компаниялары тәрепинен сақлап барыў ҳәм турақлы абаданластырып барыў, олардың тутас аймақларының нызамсыз ийелеп алыныўының алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрине парламентлик сораў жиберилген еди.

Бүгинги мәжилисте депутатлар министрдиң парламентлик сораўға жуўабын көрип шықты.
Жуўапта мәлим етилиўинше, ҳәзирги ўақытта республика бойынша 1,5 миллионнан аслам квартирадан ибарат 44 мың 280 көп квартиралы турақ жай бар. Соннан 39 мың 859 жайға 971 басқарыў шөлкемлери, 851 жайға 241 турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен хызмет көрсетилип келинбекте.
Президентимиздиң 2023-жыл 15-августтағы қарары орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 40 мың 735 көп квартиралы турақ жайдың тутас жер участкаларының шегаралары анықланып, оларды орынлардың мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў ушын жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Парламентлик сораўға келген жуўапта атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта көп қабатлы турақ жайлардың тутас аймақларында 9 мың 937 балалар майданшалары, 2 мың 385 улыўма пайдаланыўдағы ҳәжетхана, 285 мың пагонометрге шамалас ирригация тармағы ҳәм 7,8 млн.м² бетон жоллар бар.
2017-2024-жыллар даўамында 2 мың 777 балалар майданшалары, 386 улыўма пайдаланыўдағы ҳәжетхана қурылып, 92 мың пагонометр ирригация тармақлары ҳәм 1,5 миллион м² жоллар оңланған. 2026-2030-жылларға мөлшерленген режелерге бола, және 1 мың 656 балалар майданшасы, 474 улыўма пайдаланыўдағы ҳәжетханалар, 176 мың пагонометр ирригация тармақлары ҳәм 1,7 млн.м² бетон жоллар қурылысы нәзерде тутылған.
Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымлары “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде аймақларды абаданластырыў, гүл ҳәм терек нәллерин егиў жумысларын әмелге асырмақта. Быйылғы бәҳәр мәўсиминде 248 мың 881 түп мийўели ҳәм саяманлы терек ҳәм путалар егилген.
Мәлим етилгениндей, усы жылдың 9 айы даўамында министрликке физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 1 мың 807 мүрәжат келип түскен. Олардың көпшилиги көп квартиралы турақ жайларды басқарыў уйымларынан болып, усыныслар ҳәм машқалалар турақлы талланып, әмелий илажлар көрилмекте.
Додалаўларда депутатлар бул бағдарда министрлик тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылғаны, соның менен бирге, тараўдағы нызам бузылыўларының алдын алыў, көп квартиралы турақ жайлардың тутас жер участкаларын көп квартиралы турақ жай мүлк ийелерине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў ҳаққында қарарлар қабыл етилиўин жеделлестириў бойынша тийисли усыныслар берди.
Бул мәселе бойынша турақлы парламентлик қадағалаў алып барылатуғыны атап өтилип, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң жуўабы мағлыўмат ушын қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА