ШБШ шеңберинде халық дипломатиясы ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи кеңеймекте

108

Елимизде пуқаралық жәмийети институтлары, мәмлекетлик емес шөлкемлер және халықаралық ҳәм регионаллық структуралар арасында бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм халық дипломатиясын раўажландырыў жолында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Халық дипломатиясы орайының делегациясы Қазақстан Республикасының Астана қаласында “Әдил Қазақстан: пуқаралық жәмийети ҳәм мәмлекет бирге ислесиўи” сүрени астында өткерилген ХII Пуқаралық форумында белсене қатнасты.

Ташкентте 2023-жыл 14-апрель күни “Халық дипломатиясы – Орайлық Азияда тынышлық, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўдиң әҳмийетли факторы” атамасында регионаллық конференция болып өткен еди. Оның шеңберинде Қазақстан Пуқаралық Алянсы ҳәм Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған еди. Орай Алянс пенен түрли тараўларда бирге ислесип келмекте.

Форум шеңберинде шөлкемлестирилген “ШБШ ҳәм халық дипломатиясы: глобал бирге ислесиў перспективалары” атамасындағы халықаралық конференцияда Орай директоры Қобилжон Собиров та баянат пенен қатнасты. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин пуқаралық жәмийети институтларының халықаралық бирге ислесиўи тек ғана регионаллық турақлылықты емес, ал кең көлемли халықлар арасындағы исеним ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўдиң әҳмийетли факторы екенин атап өтти.

ШБШ шеңберинде халық дипломатиясын раўажландырыў, бул – мәмлекетлер арасындағы дослықты беккемлеў, жаслар, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа бирге ислесиў жойбарларын жолға қойыў екенин атап өтти. Соның менен бирге, өз-ара бирге ислесиўди және де нәтийжели етиў ҳәм кеңейтиў мақсетинде ШБШ мәмлекетлери МКШлары арасында бирге ислесиў платформасын жаратыў, билимлендириў ҳәм илимий бирге ислесиўди кеңейтиў, ШБШ университетлери арасында қоспа магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында арнаўлы билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар усынысларды алға қойды.

Мәресимде Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министриниң орынбасары Евгений Кочетов шығып сөйлеп, пуқаралық жәмийетиниң бүгинги өзгериўшең дүньяда инсанларды бирлестиретуғын күш екенлигине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, Әзербайжан Республикасы Мәмлекетлик емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў агентлигиниң атқарыўшы директоры Айтгин Алиева да шығып сөйлеп, түркий мәмлекетлер арасындағы мәдений ҳәм пуқаралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўда жетекши басламалар әмелге асырылып атырғанын, бул процесс Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитлеринде де қоллап-қуўатланып атырғанын атап өтти.

Сырт еллерден 20 ға шамалас делегатлар қатнасқан бул форум, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында аўқамласлық қатнасықлары және еки мәмлекет пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ, тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.

А.РУСТАМОВ, ӨзА