1-декабрьден мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде талап етилетуғын айырым ҳүжжетлер бийкар етиледи

Ҳуқықый мүнәсибет
Жумыс процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм жеделлестириў бойынша 2025-жыл 1-декабрьден баслап уйымлараралық мәлимлеме алмасыўын жолға қойыўда айырым өзгерислер болыўы күтилмекте.
Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Киберҳуқық кафедрасы оқытыўшысы Абдулазиз Абдураззоқов төмендегилерди мәлим етти.
– Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 8-сентябрьдеги “Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм тараўда бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан қысқартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына бола, 1-декабрьден баслап уйымлараралық мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў арқалы төмендегилер бийкар етилмекте.
Атап айтқанда, некени рәсмийлестириўде ПҲАЖ уйымлары тәрепинен некелениўши шахслардан медициналық тексериў нәтийжелерин усыныў талабы, некеден суд қарары тийкарында ажыратылғанда некеден ажыратылғанлық ҳаққындағы акт жазыўын қәлиплестириў ушын ПҲАЖ уйымлары тәрепинен некеден ажыратылған шахслардан суд қарарының талап етилиўи бийкар етиледи.
Онда некеден ажырасыў ҳаққындағы акт жазыўы суд жайласқан жердеги район (қала) ПҲАЖ уйымы тәрепинен “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасында автоматикалық түрде қәлиплестириледи ҳәм суд қарарының нусқасы некеден ажырасыў ҳаққындағы гүўалыққа теңлестириледи.
Некениң бийкар етилгенлигин дизимге алыў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы судтың қарарына тийкарланып ерли-зайыптың екеўинен де ямаса олардан биреўинен белгиленген тәртипте Мәжбүрий орынлаў бюросының район (қала) лық бөлимлери тәрепинен өндириледи.
Сондай-ақ, шақырылыўшылар ҳәм әскерий хызметке мәжбүрлердиң жасаў орны, оқыў орны, жумыс орны ҳәм лаўазымындағы өзгерислер ҳаққындағы мағлыўматларды тийисли қорғаныў уйымларына усыныў миннетлемеси ҳәм автомототранспорт қуралының дизимнен өткериў гүўалығында автомототранспорт қуралы ийесиниң мәнзилин көрсетиў талабы да бийкар етиледи.
ӨзА