“Инсан қәдири ушын” идеясы Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады

112

Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасты. Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, тараў ўәкиллери менен сөйлести.

Ушырасыўда кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен сөйлесиў өткерилип, олардың усыныс ҳәм басламалары тыңланды.

– Биргеликте баслаған жумысларымыз ҳәр бир мийнет жәмәәти, ҳәр бир хызметкер ҳәм оның шаңарағы ушын пайдалы болып атырғанына және бир мәрте исеним пайда еттим.

Буннан былай да “Инсан қәдири ушын,” деген ийгиликли идея Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып қалады.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерди Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық юбилейи ҳәм жақынласып киятырған кәсиплик аўқамлары күни менен қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен, – деди Президент ушырасыў жуўмағында.

ӨзА