Хызметкерлердиң ҳуқықларын исенимли тәмийинлейтуғын басламаларды алға қойыўда тармақлық кәсиплик аўқамынының даўысы еситилип атырған жоқ – Президент

Ҳәзирги ўақытта Федерация қурамында 14 тармақ кәсиплик аўқамы жумыс алып бармақта.
“Тилекке қарсы, тийисли тармақларда мийнет етип атырған хызметкерлердиң ҳуқықларын исенимли тәмийинлейтуғын басламаларды алға қойыўда олардың даўысы еситилип атырған жоқ.
Көрип турсызлар, экономикамызға жаңадан-жаңа тараў ҳәм бағдарлар, соған сәйкес түрде жаңа кәсиплер, заманагөй технологиялар жедел кирип келмекте.
Мине, усындай шараятта тармақ кәсиплик аўқамлары министрликлер ҳәм уйымлар менен бирге ислесип, олардың алдына анық ўазыйпалар қойып барыўы керек емес пе?
Соның ушын, министрликлер ҳәм уйымлар және тармақ кәсиплик аўқамлары коллегиал уйымларының қоспа мәжилисин турақлы түрде өткерип баратуғын системаны жолға қойыўды усыныс етемен.” – деди Президент.
Бундай сөйлесиў түри “мәмлекет – жумыс бериўшилер – мийнет жәмәәтлери” арасындағы өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди беккемлеп, нәтийжели механизмге айланатуғынына исеним билдирилди.
ӨзА