Мәҳәллелерде реформалар: жаңа имканиятлар ҳәм ўазыйпалар

96

Бүгинги күнде елимизде мәҳәлле институтын реформалаў, оны халыққа жақын ҳәм нәтийжели системаға айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде де мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Соңғы жыллары мәҳәллелерде “жетилик” системасының енгизилиўи унамлы нәтийжелер бермекте. Президентимиздиң басламасы менен Жаңа Өзбекстан руўхы кирип барыўы керек болған 33 район ҳәм 330 аўыр мәҳәлле белгилеп алынғаны, оларға үлкен муғдарда қаржы ажыратылып атырғаны – бул мәҳәллелердиң раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.

Мәҳәллелерге жаңа ўәкилликлер берилиўи, соның ишинде, 5 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетлик мүлкти аукционға шығарыў ҳуқықының берилиўи мәҳәллелердиң еркинлигин тәмийинлеў, олардың өз дәраматларын қәлиплестириўге хызмет етеди. Сондай-ақ, исбилерменлерге мәҳәлле имаратларын заманагөй сервис объектлерине айландырыў ушын берилип атырған жеңилликлер де экономикалық раўажланыўға үлкен түртки береди.

Әҳмийетли тәрепи, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери енди ҳәр бир мәҳәлле кесиминде ислейтуғын айлық жумысларын жергиликли кеңеслерде қорғап, халыққа есап береди. Бул өз гезегинде жергиликли басқарыў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, халық пенен пикирлесиўди күшейтиў, сондай-ақ, мәҳәллелердиң раўажланыўына жаңаша пәт бағышлайды.

Президентимиз мәжилисте мәҳәллелердеги социаллық орталық ҳәм жаслар тәрбиясы бойынша шешим табылыўы керек болған бир қатар мәселелерге айрықша итибар қаратты. Соның ишинде, шаңарақлардың ажырасыўы, алимент төлеўден бас тартыў, ерте некелер сыяқлы машқалаларға қарсы гүресиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ўазыйпалары белгиленди. Биз шаңарақ қурыў – тек ғана өзи емес, ал өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери алдындағы үлкен жуўапкершилик екенин жасларға түсиндириў, ажырасыўларда тәреплердиң мәпин қорғаў зәрүрлигин атап өтемиз.

Нызамшылық палатасының депутатларына өз округиндеги мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ушын ҳәр бирине 3 миллиард сумнан қаржы берилиўи де мәҳәллелерди раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Бул әлбетте депутатларға жүдә үлкен имканият дегени. Себеби депутатлар бул қаржыларды өз сайлаў округиндеги мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға бағдарлаўы мүмкин болады.

“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы, мәҳәллелердиң раўажланыўына қаратылған барлық реформаларды қоллап-қуўатлайды, мәҳәллелерде тынышлық-татыўлықты тәмийинлеў, социаллық орталықты жақсылаў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў сыяқлы ийгиликли жумысларда белсене қатнасады.

Себеби, реформаларымыздың босағасы болған ҳәр бир мәҳәллеге Жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў – бүгинги күнниң ең әҳмйиетли ўазыйпасы болып есапланады.

 

Тәжибай Романов.

“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы

Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Баслығы,

Жоқарғы Кеңес депутаты

ӨзА