Ҳүрмет ҳәм муҳаббат бар жерде зорлыққа орын жоқ

105

Шаңарақ – жәмийеттиң тийкарғы буўыны, оның турақлылығы болса ҳәр бир мәмлекеттиң руўхый, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўының әҳмийетли факторы есапланады. Тилекке қарсы, айырым жағдайларда шаңарақ орталығында да келиспеўшиликлер ҳәм зорлық жағдайлары бақланбақта.

Шаңарақтағы зорлық – бул социаллық процесс болып, ҳәр қыйлы көринислерде дерлик ҳәр төртинши шаңарақта көринеди. Бул иллеттен ең көп жәбир көриўши категориялар – ҳаяллар, балалар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар болып есапланады.

Халқымыз ушын шаңарақ муқаддес саналады. Әсиресе, ҳаял-қызларымыз шаңарақтың тынышлығы, перзентлериниң камалға келиўи жолында өзлериниң бар күш-жигерин аямайды. Соның менен бирге, айырым жағдайларда олардың өз шаңарағында зорлық ҳәм күш көрсетиўлерге ушырасып атырғаны жәмийет ушын айрықша қәўетер оятпақта.

Изертлеўлерге бола, шаңарақлық зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардың 60-70 проценти ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етпейди. Бул жағдай зорлықтың көбинесе жасырын түс алыўына ҳәм оның унамсыз ақыбетлериниң тереңлесиўине себеп болады.

Шаңарақлық (турмыслық) зорлық – инсанға оның жақын туўысқаны ямаса бир шаңарақта жасап атырған шахс тәрепинен физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық басым өткериў түриндеги агрессивлик ҳәрекетлер болып табылады.

Бул түрдеги зорлық, соның ишинде сабаў, дене жарақатын жеткериў, руўхый басым, финанслық дереклерди қадағалаў ямаса оларды шеклеў, шахстың еркине қарсы мәжбүрлеў көринисинде көринеди.

Бундай жағдайларда зорлаўшы шахс әззи инсанның үстинен үстемлик орнатыўға, оны қорқытыў ямаса бойсындырыўға умтылады. Бул болса, шаңарақ орталығындағы исеним ҳәм ҳүрметти жоғалтып, социаллық қатнасықлардың төменлеўине себеп болады.

Мәмлекетимизде соңғы жыллары шаңарақлық зорлықтың алдын алыў, жәбирлениўшилерди қорғаў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў бойынша бир қатар ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2023-жыл 11-апрельде қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы ӨРН-829-санлы Нызамына муўапық, шаңарақлық (турмыслық) зорлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, 2024-жыл 21-октябрьде қабыл етилген “Шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан қорғаў илажларының күшейтилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 592-статьясы ҳәм Жынаят кодексиниң 126¹-статьясына тийисли өзгерислер киргизилди. Оған бола, балаларға шаңарақлық (турмыслық) зорлық ислегени ушын айрықша жуўапкершилик белгиленди. Бул өзгерислер мәмлекетимиз тәрепинен инсан ҳуқықлары, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың абырайы менен қәдир-қымбатын қорғаўға қаратылғанлығын көрсетеди.

Шаңарақлық-турмыслық зорлыққа қарсы гүресиў тек ғана жәбирлениўшиниң ямаса ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы емес, ал, улыўма жәмийетлик ис болып табылады. Бунда зорлыққа ушыраған инсан көбинесе руўхый жақтан езилген болады ҳәм өз бетинше дурыс қарар қабыл етиўге қыйналады. Сонлықтан, бундай жағдайларда тек ғана оның жақынлары емес, ал мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер де оның жанында болыўы шәрт.

Зорлық – шахсқа қарсы жынаят, оның еркинликлери ҳәм ҳуқықларына қастыянлық. Соның ушын да жәмийетте бул бағдардағы ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты арттырыў, бар болған надурыс көзқарасларды өзгертиў зәрүр.

Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, шаңарақлық қатнасықларда теңлик ҳәм ҳүрметти тәмийинлеў, зорлыққа алып келетуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў – тыныш шаңарақ ҳәм саламат жәмийет гиреўи болып есапланады.

Онда мәмлекетлик уйымлар, мәкан пуқаралар жыйыны, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының тығыз бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе.

Жуўмақлап айтқанда, шаңарақлық (турмыслық) зорлыққа қарсы гүресиў – тек ғана ҳуқықый емес, ал руўхый, тәрбиялық ўазыйпа болып табылады. Ҳәр биримиз бул жолда жуўапкершилик пенен қатнас жасасақ, жәмийетте тынышлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеўге үлкен үлес қосқан боламыз.

Гулистан Бисенова,

Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги