Муҳаммад Абунайян: “Өз халқын Сиз сыяқлы сүйетуғын мәмлекет басшысын ушыратпадым”

164

Хабар етилгениндей, күни кеше Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорт қурылысына тырнақ тасын қойыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. Онда Саудия Арабстанынан келген ири инвестор – «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян да шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Төменде оның сөйлеген сөзи жәрияланбақта.

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент Мырза, ҳүрметли Саудия Арабстаны инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ мырза, қәдирли бирге ислесиўшилер ҳәм қәдирли мийманлар!

Бәринен бурын, бәршеңизге тынышлық, берекет ҳәм сәлемлер болсын!

Сизлер соңғы сегиз жылда тығыз бирге ислесиўде әмелге асырған жумысларды басқа мәмлекетлер әсирлер даўамында да орынлай алмайтуғынын бүгин тек ғана бул жерде жыйналған қатнасыўшыларға емес, ал пүткил дүньяға көрсеттиңиз.

Шынында да, бундай үлкен нәтийжелерге дүньядағы бирде-бир жетекши бундай қысқа мүддетте ерисиўи оғада қыйын.

Президент Уллы Мәртебели Мырза, мен бурын да атап өткенмен: бундай дәрежеде үлкен өзгерислерди әмелге асырған жетекшилердиң екеўин билемен. Бириншиси – Сиз, Уллы мәртебели Мырза, екиншиси болса – Саудия Арабстаны мийрасхоры, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ҳәзиретлери.

Өзбекстанда биз көрген ҳәм гүўасы болған барлық жетискенликлер Сизиң өз жумысыңызға болған үлкен исеним ҳәм пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжеси болып есапланады. Сиз бул жумысларды халқыңыз ҳәм Ўатаныңызға болған шексиз меҳир-муҳаббатыңыз себепли әмелге асырып атырсыз.

Мен дүньяның 24 мәмлекети басшылары менен сөйлестим. Бирақ өз халқын Сиздей шын кеўилден сүйетуғын мәмлекет басшысын ушыратпадым. Соның ушын да ел-журтыңыз Сизди жақсы көрип, басына көтермекте.

Мен Сиз бенен жигирма мәртебе ушырасыў бахтына миясар болдым. Ҳәр бир ушырасыўдан алдын шығып сөйлеўди таярлап, нелерди айтыў кереклигин жақсылап ойлап аламан. Бирақ ҳәр сапары Сизиң пикириңиз, күш-ғайратыңыз ҳәм әмелий ислериңиз бизикинен үстин келеди. Сиз бәрқулла жедел ҳәрекет етесиз, шын кеўилден ислейсиз ҳәм әлбетте нәтийжеге ерисесиз.

Сиз жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына үлкен итибар қараттыңыз. Олар ушын теңдей имканиятлар жаратып бердиниз. Сиз Өзбекстанды ҳәр бир компания ҳәм мәмлекет ушын ең жақсы инвестиция мәканына айландырдыңыз.

Сиз басқарыў ҳәм ашық-айдынлық тийкарында өтмиштен қалған аўыр мийрасты артқа қалдырдыңыз ҳәм жаңа тарийх жараттыңыз.

Мен 15 мәмлекетте инвестициялық жойбарды әмелге асырғанман ҳәм 30 дан аслам мәмлекетте болғанман. Қайсы жерге барсам да “Жаңа Өзбекстан” ҳаққында еситемен. Бул Жаңа Өзбекстан – Сизиң ел-журтыңызға садықлығыңыз ҳәм тынымсыз мийнетиңиздиң жемиси.

Пүткил дүнья бүгин Сизди бақламақта, Сизден үйренбекте. Сизиң басшылығыңызда исенимли ҳүкимет ҳәм пидайы жәмәәт күни-түни мийнет етпекте. Мен ҳәптесине жети күн, күнине 18-20 саат ислейтуғын ҳүкиметти тек ғана Өзбекстанда ҳәм Саудияда көрдим. Соның ушын да халқыңыз Сизди жақсы көреди, инвесторларыңыз ҳәм көплеген мәмлекетлер Сизди ҳүрмет етеди. Дүньядан көп адамлар Өзбекстанға турист сыпатында да, дос сыпатында да, инвестор сыпатында да келиўди қәлейди.

Өзбекстанның уллы тарийхы бар. Соның менен бирге, Сизиң бүгинги жетискенликлериңиз де үлкен тарийхый әҳмийетке ийе. Ең тийкарғысы, Сиз ҳеш қашан ерискен шеклериңизде тоқтап қалмайсыз. Бүгинги ушырасыўда да Сиз 30 миллиард долларлық жойбарлар жуўмағына жеткерилгенин, кейинги жылларда болса жаңа бағдарлар бойынша және жумыс алып барылатуғынын айттыңыз.

Президент Уллы Мәртебели Мырза, Сизиң тийкарғы мақсетиниз – халықтың турмыс сапасын жақсылаў. Сиз жасларға үлкен исеним менен қарайсыз. Жаңа Өзбекстанның күши ҳәм келешеги – әне, усындай қәбилетли жаслар болып есапланады.

Сегиз жылда Жаңа Өзбекстан ушын беккем тырнақ қойылды. Иншаалла, кейинги жылларда Өзбекстан өз потенциалын пүткил дүньяға және де айқын көрсетеди. Жаңа Өзбекстан нелерге уқыплы екенин дүнья әлбетте көреди.

Президент Уллы Мәртебели Мырза, бизге көрсеткен исенимиңиз ушын рахмет. Үлкен-үлкен жумысларға басшылық етип киятырғаныңыз ушын шексиз миннетдармыз.

Мениң еки устазым бар: бири – мийрасхор шаҳзада, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ҳәзиретлери, екиншиси – Сиз, Президент Уллы Мәртебели Мырза. Мен сизден жүдә көп нәрсени үйрендим. Сиз – мениң устазымсыз.

Және бир мәрте үлкен рахмет Сизге!