Өтмиш, бүгин ҳәм келешек шам-шырағы

Белгили сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқовтың “Российская газета” ҳәм басқа да басылымларда басылған “Моя душевная боль…” (“Кеўлимдеги дәртлерим…”) атлы мақаласы үлкен қызығыўшылық оятты, ғәрезсиз Өзбекстанның өтмиши, ҳәзирги күни ҳәм келешеги бойынша шам-шыраққа айланды.
Автор Өзбекстанның жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятында тутқан орны, оның жоғалған ҳәм қайта тикленип атырған миллий өзлиги ҳаққында пикир жүргизеди. Мақалада айтылғанындай, көп жыллар даўамында сынақлар ҳәм қыйыншылықлар шараятында жасаған Өзбекстан ҳәм оның халқы ҳәзирги дәўирде мәмлекет ғәрезсизлигин беккемлеў, бурын умытылған ҳәм аяўсыз тартып алынған уллы тарийх, мәденият ҳәм ата-бабалардың мийрасын қайта тиклеў жолынан бармақта. Атап өтилиўинше, бундай пидайы мийнет – тек ғана тарийхты тиклеў емес, ал миллеттиң ҳақыйқый келбетин излеў, руўхый күшке ийе болыў ҳәм жаңаланыў болып есапланады. Автордың пикиринше, ҳақыйқый ҳәм қалыс әдиллик мине усында.
Сиясаттаныўшы Қудратилла Рафиқовтың жазғанындай, мәмлекетте үшинши Ренессанс ҳаққында сөз басланып, бул ҳаққында жоқары минберден айтылғанда, айырымлар буған мысқыл менен қарады. Бундай пикирлер еле де жоқ, деп айта алмаймыз, олар бүгинги күнде де ушырасып турады. Бирақ машқала сонда, сол айырым адамлар сиясаттың тек жоқары қатламын көре алады. Автор атап өткениндей, оның мәнисин толық аңлай алмайды.
Әййемги дүньяны, тарийхты еслеў өзинде данышпанлықты жәмлейди. Солай екен, мақала авторы не ушын мәмлекет басшысының басламасы менен 2017-жылы Ташкентте Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының қурылысы басланғаны ҳаққындағы сораўға анық ҳәм исенимли жуўап береди. Бул имарат миллий тиклениў, илим, билимлендириў ҳәм мәденият орайы сыпатында оғада үлкен әҳмийетке ийе болып, ол региондағы бай мийрасты – ислам мийрасын үйрениў ҳәм алға қойыў менен шуғылланады. Орай уллы ойшыллардың шығармаларын изертлеў, дәстүрий өнерлерди тиклеў, зыярат туризмин раўажландырыў, миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди. Бул болса илимге, исенимге ҳүрмет. Жойбарда онлаған мәмлекетлердиң илимий ҳәм мәдений мәкемелери қатнасып атыр. Ҳәзирги ўақытқа шекем халықаралық аукцион ҳәм жеке меншик коллекция жыйнаўшылардан алынған 580 артефакт мәмлекетке қайтарып алып келинди. Олардың арасында сийрек ушырасатуғын қолжазбалар, қурал-жарақ, кестелер ҳәм тағыншақлар бар.
Мақалада сөз етилген Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын өзгерислердиң әҳмийетли белгиси, деп айтыў мүмкин. 42 мың квадрат метр майданда жайласқан бул комплекс региондағы оғада үлкен музей ҳәм илимий орайға айланады. Бул жерде исламға шекемги дәўирге, биринши ҳәм екинши Ренессансқа, заманагөй Өзбекстанға байланыслы экспозициялар жайластырылады. Орай халықаралық бирге ислесиў ушын майдан ўазыйпасын атқарады. ҒХҚда хабар берилиўинше, дүньяның 100 ден аслам жетекши институтлары ҳәм музейлери онда қатнасыў тилегин билдирген. Мақала авторы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тек ғана түрк дүньясындағы емес, ал пүткил ислам дүньясындағы мине усы бағдарда жумыс алып баратуғын илимий орайлар ушын база ўазыйпасын атқаратуғынын атап өтеди. Сондай-ақ, ол Өзбекстанда туризм тараўының раўажланыўына үлес қосады.
Қ.Рафиқов тәрепинен Ўатанға муҳаббат руўхында жазылған мақалада турмыстың мазмуны, халықтың айдын келешекке ҳәм Жаңа Өзбекстанды қурыўға умтылысы өз көринисин тапқан. Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы негизинде жумыс баслайтуғын Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында 200 студент магистратура ҳәм докторантурада билим алады. Басып шығарылған мақала болса, әлбетте, жас жигит-қызлар ушын өтмиш, ҳәзирги ўақыт ҳәм келешекте жол көрсетиўши шыраққа айланады. Жасларға халық турмысында жүз берип атырған өзгерислердиң мазмун-мәнисин түсиниў, олардан руўхый күш-қуўат ҳәм келешекке исеним сезимин алыў, ҳақыйқый ўатансүйиўши болып жетилисиў имканиятын береди.
Соңғы жыллары Өзбекстанда билимлендириў тараўының жедел раўажланыўы бақланып атырғанын айрықша атап өтиў керек, онда сырт ел билимлендириў мәкемелериниң ашылыўы да әҳмийетли роль атқармақта. Мәселен, бул мәмлекетте Россияның 14 жоқары оқыў орнының филиаллары жумыс алып бармақта. Олар да Өзбекстанда үшинши Ренессансты, билимлендириў ҳәм илим тараўындағы реформаларды әмелге асырыўға жәрдемлеседи. Бизиң Санкт-Петербург мәмлекетлик экономика университети Өзбекстанның бир неше жоқары оқыў орынлары менен дүзилген келисимлер тийкарында бирге ислесиўди жолға қойған. Олардың арасында Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Өзбекстан Миллий университети, Бухара мәмлекетлик университети ҳәм басқалар бар. Билимлендириў мәкемемизде көплеген өзбекстанлы студентлер билим алады ҳәм тәжирийбе арттырады. Университетимиз, сондай-ақ, өзбекстанлылар арасынан бир қатар илим докторлары ҳәм кандидатларын таярлады.
Өзбекстан ҳәм Россия Федерациясы арасында саўда-экономикалық, мәдений ҳәм илимий байланыслар беккемленбекте, жүзлеген биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Ҳәр сапары Өзбекстанда болғанымда экономика, санаат ҳәм басқа да тараўларда жүз берип атырған кең көлемли өзгерислерди бақлайман. Мәмлекет миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерди тиклеген, сақлаған ҳәм раўажландырған ҳалда, өз-ара пайдалы халықаралық қатнасықларды беккемлеўге умтылмақта.
Игор МАКСИМЦЕВ, ӨзА
Санкт-Петербург мәмлекетлик экономика университетиниң ректоры, экономика илимлериниң докторы, профессор,
Россия тәбийий пәнлер академиясы ҳәм Жоқары билимлендириў халықаралық академиясының ҳақыйқый ағзасы.