Қазақстан делегациясы менен меморандум дүзилди

166

Көпшиликке мәлим болғанындай,  Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Асилбек Худаяров басшылығындағы делегация Тәжикстанның Душанбе қаласында өткерилген ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў Кеңесиниң 38-мәжилисинде қатнасты.

Онда Қазақстан Денсаўлықты сақлаў министри Акмарал Алназарова менен усы жылы 13-17-октябрь күнлери елимиздиң төрт аймағында Қазақстан медицина күнлери ҳәм “Өзбекстан – Қазақстан” медицина форумын шөлкемлестириў мәселеси додалап, келешекте кадрлар таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў көлемин кеңейтиўге келискен еди.

Илаж шеңберинде Самарқанд, Бухара, Ферғана ўәлаятлары қатарында Қарақалпақстан Республикасына 13-октябрь сәнесинде Қазақстан Республикасынан бир қатар тәжирийбели медицина хызметкерлери жетип келди.

Қарақалпақстан медицина институты клиникасында болып өткен ушырасыўда Қарақалпақстан медицина институты ректоры, Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы, Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы, Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы директорлары Қазақстан Республикасынан келген бир қатар ўәкиллер менен сөйлесиўлер өткерип, өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Ушырасыў шеңберинде алдағы әмелге асырылатуғын илажлар режеси додаланып, келешектеги бирге исленетуғын жумыслар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги