Президент заманагөй шешимлер тийкарында жаңаланған көшени көзден өткерди

175

Президент Шавкат Мирзиёев 15-октябрь күни Ташкент қаласының Яккасарай районында болып, Шота Руставели көшесинде әмелге асырылған реконструкция жумысларын көзден өткерди.

Жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспортлардың ҳәрекетине қолайлық жаратыў халық саны турақлы артып, аймағы кеңейип атырған Ташкент ушын әҳмийетли мәселе. Сол себепли, тегис жоллар, саўлатлы көпирлер қурылып, әмелдегилери заман талапларына сай оңланбақта.

Шота Руставели көшеси пайтахтымыздың бир неше районларын байланыстыратуғын орайлық жол болып есапланады. Транспортлардың ҳәрекетлениўине қолайлық жаратыў мақсетинде оның Мирабад көшесинен Чоштепа көшесине шекемги дерлик 7 километрлик бөлеги реконструкцияланды.

Енди 10 қатнаў бөлегине бөлинген жолдың 6 полосасында автомобильлер, арнаўлы ажыратылған 2 жөнелисте автобуслар ҳәрекетленеди.  Қалған 2 жол болса автомобильлер тоқтап турыўы ушын мөлшерленген.

Президентимиз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте автобуста жүрип, қолайлықларды көрди, жолаўшылар менен қызғын сәўбетлести.

Көше ортасында раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесинен келип шығып, BRT (Bus Rapid Transit) системасы тийкарында ажыратылған автобус жолы Ташкент қаласында биринши мәрте әмелиятқа енгизилди. Бул жәмийетлик транспорт қатнаўын тезлестирип, жолаўшыларға қолайлықларды жақсылады.

Улыўма баҳасы 19,2 миллион долларлық бул жойбардың нәтийжесинде жолаўшы ағымы саатына 2 мың 500 ден 6 мыңға артты. Сондай-ақ, суткасына 40 мың автомобильди өткериў имканияты жаратылып, орташа тезлик саатына 23 километрден 30 километрге жеткерилди.

Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер нәтийжесинде қәўипсизлик дәрежеси артып, жол-транспорт ҳәдийселери азаяды.

Жойбар шеңберинде автобуслар тоқтаўы ушын 21 жаңа бәндирги, 463 “ақыллы” светофор орнатылды. Интеллектуаллық транспорт системасы енгизилди. Жол бойында автомобильлердиң тоқтап турыўы ушын да шараят инабатқа алынған.

Сондай-ақ, велосипед жоллары, жасыл аймақлар, суўғарыў ҳәм дренаж системалары қурылды.

Бул жерде Ташкент қаласында өз алдына ажыратылған автобус жолларын узайтыў, қала әтирапында транспорт байланысларын шөлкемлестириў жойбарлары таныстырылды.

– Егер метро жолларын қурмағанымызда, жаңа автобуслар алып келмегенимизде бүгин Ташкентте транспорт қатнаўы қыйын болар еди. Соның ушын адамларды разы етиў көзқарасынан жолларды дурыслап атырмыз, жәмийетлик транспортты раўажландырып атырмыз. Бундай жумысларды барлық қалаларымызда даўам еттиремиз, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге жәмийетлик транспорт ушын қолайлықларды арттырып, тығылысты азайтыў, қаланы Жаңа Ташкент пенен нәтийжели байланыстырыў бойынша тапсырмалар берди.

Шота Руставели көшесиниң жаңа келбети тек ғана пайтахт гөззаллығын арттырып қоймастан, ал Ташкенттиң заманагөй ҳәм интеллектуал транспорт системасына қәдем қойғанын көрсетеди.

ӨзА