Жаңа әўладты түсиниў керек

Пикир
Социаллық тармақларда зумерлер (Generation Z) ҳаққында түрли мағлыўматларды бақлап бараман. Бул мағлыўматлар адамды бийпәрўа қалдырмайды, әлбетте.
Зумерлер – 1997-2012-жыллар аралығында туўылған әўлад. Яғный бүгинги күндеги 13 жастан 28 жасқа шекемги жигит-қызлар. Олар “интернет пенен туўылған” ҳәм технологиялар турмысының ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Бақлаўларым тийкарында билдим, еки перзентим де зумерлер әўладына тийисли екен. Қызығы, олардың характерлери бир-биринен кескин өзгешеленеди. Бири турмысқа реалистлик көзқарас пенен қараса, екиншиси сезимге бай ҳәм дөретиўшилик көзқарасқа ийе. Ана сыпатында оларды жақсы билемен, деп ойлайтуғын едим. Зумерлер ҳаққында мағлыўматларға ийе болған сайын оларды тереңирек түсинип басладым.
Зумерлер информацияны тез ҳәм көп муғдарда қабыл етиўге үйренген. Олар ушын YouTube – энциклопедия, ТiкТок – жаңалықлар дереги, Google – муғаллим.

Бул тек ғана кеўил ашар контент емес, көплеген зумерлер усы платформалардан үйренбекте, қәнигелик таңламақта ҳәм, ҳәттеки, жумыс алып бармақта.
Соның менен бирге, бул әўладта дыққатты жәмлеўде машқалалар да бақланыўы мүмкин. Олар оператив мағлыўматқа үйренген, терең таллаўға болса аз итибар қаратады. Буны есапқа алған ҳалда билимлендириў системасында да оларға жаңаша қатнас талап етиледи.
– Зумерлер – санлы орталықта өскен дәслепки әўлад, – дейди Ташкент әмелий пәнлер университетиниң оқытыўшысы Марҳабо Исмоилова. – Олардың билим алыўға, жумыс ислеўге ҳәм жәмийетте өз орнын табыўға болған қатнасы алдынғы әўладлардан пүткиллей өзгеше. Оларды классикалық усылда оқытыў нәтийже бермеўи мүмкин. Мәселен, сабақларда инфографика, видео-презентация, интерактив тестлер ҳәм гамификация сыяқлы усыллар бирқанша актив нәтийже береди. Биз өткерген сораўнамада студентлердиң 74 проценти мағлыўматты видео түринде тезирек ҳәм жақсырақ қабыл ететуғынын айтқан. Бул нәтийжелер зумерлер ушын визуал ҳәм интерактив билим бериў қуралларының қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Олар мағлыўматқа гүман менен қарайды, таңлаў имканияты болыўын қәлейди. Сол себепли, оларды қадағалаў емес, жол-жоба көрсетиў, мәсләҳәт бериў нәтийжелирек болады. Биз – ата-аналар, муғаллимлер, буны есапқа алған ҳалда жаңа методикалық қатнасларды жолға қойыўымыз керек.
Зумерлер ушын жеке пикир, еркинлик ҳәм өзлигин табыў биринши орында турады. Оларды “бундай болса дурыс”, “ҳәмме сондай етеди”, деген көзқараслар менен басқарып болмайды.
Олардың арасында смартфонсыз ямаса Wi-Fi болмаған орталықта өскенлер дерлик жоқ. Мийманға барғанда сөйлесиў орнына телефонға қарап отырыўы, реал турмыс емес, онлайн орталықта белсенди болыўы оларға тән.
– Зумерлер – информацияға тойынған орталықта камалға келмекте, сол себепли пикир жүргизиўде еркин, социаллық әдиллик, теңлик ҳәм жеке қәдириятларға үлкен әҳмийет береди, – дейди Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң тюторы Саодат Ҳафизова. – Олардың мәлимлеме тутыныў көлеми кең – көбинесе YouTube, TikTok, Reddit ҳәм басқа да платформалардан тек ғана кеўилашар емес, ал билимлендириў, илимий, жеке раўажланыўға байланыслы контентти мақул көреди. Мысал ушын, Pew Research Centerдиӊ мағлыўматларына бола, Gen Zтиң 59 проценти жаңа нәрселерди үйрениў ушын видеоконтенттен пайдаланады. Бул бир қарағанда унамлы көриниўи мүмкин, бирақ соның менен бирге, бул әўлад информацияны жүдә жоқары темпте қабыл етиўге үйренгенлиги себепли, дыққатты жәмлеў, мағлыўматты терең таллаўда қыйналатуғын жағдайлар да көп. Олардың мийи “скроллаў режиминде” ислеўге бейимлескен. Буны есапқа алған ҳалда билимлендириў, тәрбия, медиа ҳәм турмыстағы қатнасықларда да жаңа қатнаслар керек болады.
Шаңарақта перзентлеримди көп гүзетемен. Олар қарар қабыл етиўде, гүресиўде ҳәм ҳәтте, додалаўда да өз пикирине садық қалыўға ҳәрекет етеди. Буны алдынғы әўладлар әпиўайы түсинген болса, зумерлер ушын бул тәбийий жағдай. Перзентлерим менен сөйлескенде оларға руўхый тынышлық керек екенлигин, гейде тек ғана тыңлаўдың өзи жеткиликли сыяқлы болады.
Тез өзгериўшең дүнья, бәсеки, социаллық тармақлардағы басым, идеалластырылған турмыс тәризлери – булар зумерлердиң руўхый саламатлығына айрықша тәсир етпекте. Оларда стресс, қәўетерлениў, өзин қәдирсиз сезиниў жағдайлары, бәринен бурын, интернет орталығында пайда болады.
Зумерлер басқаша пикирлейтуғын, жедел, технологияға бейим, соның менен бирге, сезгир ҳәм мазмунлы турмысты қәлейтуғын әўлад болып есапланады. Оларды түсиниў ушын сын емес, қарым-қатнас ҳәм түсиниў керек. Олар келешек емес, ҳәзирдиң өзинде жәмийетке тәсир етип атырған күш.
Биз ата-аналар, устазлар бул әўладты қабыл етиў, қоллап-қуўатлаў ҳәм керек болса, олардан үйрениўимиз де лазым. Себеби ҳәр бир жаңа әўлад жәмийеттиң айнасы болып есапланады.
Нилуфар БОЗОРОВА,
ӨзАның хабаршысы