Мәҳәлле системасын раўажландырыў бойынша реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын және де жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Кейинги жылларда мәҳәлле институтын реформалаў ҳәм оны халықтың турмысына жақын, нәтийжели системаға айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Мәҳәлледе “жетилик” системасы енгизилип, кредит, субсидия, компенсация, материаллық жәрдем сыяқлы 100 ден аслам хызметлер мәҳәлле дәрежесине түсирилгени есабынан 7,5 миллион пуқара кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық дәрежеси 2 есе қысқарды. Сондай-ақ, 3,5 мың мәҳәлле көриниси заманагөй көриниске келди.

Мәҳәлле басшыларының ўәкиллик мүддети 3 жылдан 5 жылға шекем созылды. Олар басшылығында “жетилик” вертикал системасы жаратылды, жетерли шараят, ресурс ҳәм ўәкилликлер берилди. Мәҳәлледеги ҳәр бир имканиятты жойбарға айландырып, жумыс орнын жаратыў ушын мәҳәллелерге банкир ҳәм салықшылар бириктирилди, инфраструктураға да айрықша қаржы ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы булардан нәтийжели пайдаланып, нәтийже көрсетип атырған мәҳәллелер көп екенлиги, бирақ айырымлары бирден-бир жәмәәт болып ислесиўди елеге шекем үйренбегенин көрсетип өтти.
– Норин районындағы Шорариқ мәҳәллесине барғаным ўәлаят ҳәкимлери, республика, ўәлаят, район басшылары, “жетилик”тиң көзин ашып, оларды сапа ҳәм компетенцияны арттырыўға ийтермелеўи керек, – деди Президент.
Өткен ҳәптеде қол қойылған қарарға муўапық, Жаңа Өзбекстан руўхы кирип келиўи керек болған 33 район ҳәм 330 аўыр мәҳәлле белгилеп алынды.
Бул районлардың ҳәр бирине 100 миллиард сумнан, 330 мәҳәллениң ҳәр бирине болса 5 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Жәҳән банки ҳәм Ислам раўажланыў банкинен тартылған 100 миллион доллар да усы мақсетлерге қаратылады. Буннан тысқары, бул район ҳәм мәҳәллелердеги “драйвер” жойбарлар инфраструктурасы ушын және 2 триллион сум ажыратылады.
Улыўма етип айтқанда, бул бағдарламаны қаржыландырыў ушын 7 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады.

Ўәлаят ҳәкимлериниң өзи де 2 ден, район ҳәкимлери болса 1 ден аўыр мәҳәллени белгилеп, оларға 5 миллиард сумнан бағдарлаўы, және 236 мәҳәлле халқының турмысында кескин өзгерис ислеўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
Бир ай алдын “Басламалы бюджет” бойынша жаңа қарар қабыл етилип, мәҳәлледе халықтың өзи белсенди болып баслаған жойбарларға жәрдем беретуғын система енгизилди. Онда қайсы мәҳәлледе халық жол, суў, мектеп, бақшаны оңлаўды баслаған болса, қәрежетиниң ярымын мәмлекет қаплап береди. Бул мақсетлер ушын келеси жылы және 1 мың жойбарға 500 миллиард сум ажыратылады. Президентимиз бул бағдарда және бир жаңалықты жәриялады. Усы жылдан баслап Салық комитети жер ҳәм мүлк салықларының төленгенлик дәрежесине қарап, “Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле” рейтингин жәриялайды.

Онда 100 ликке кирген мәҳәллеге “Басламалы бюджет”тиң жаңа системасы бойынша инфраструктура қәрежетиниң 75 проценти бюджеттен төлеп бериледи. Сондай-ақ, бул мәҳәллелердиң ҳәр бирине қосымша 2 миллиард сумнан ажыратылады.
Нызамшылық палатасының депутатларының ҳәр бирине өз округиндеги мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ушын 3 миллиард сумнан қаржы бериледи.
Аймақтағы санитария, экология ҳәм нызамсыз қурылыс бойынша жәриймалардың 10 проценти мәҳәлле бюджетине қаратылады. Мәҳәллелердиң бюджетине 2026-жылдан баслап ҳәр жылы 200 миллиард сумнан ажыратылады.
Улыўма, бул дереклер есабынан келеси бир жыл ушын 2 мың мәҳәллеге қосымша 8,5 триллион сум қаржы бериледи.

Район ҳәкимлери бул имканиятлардан үнемли пайдаланып, “мәҳәлле жетилиги” менен жаңа қатнаслар тийкарында ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәселен, Норин районындағы Шорариқ мәҳәллеси әтирапындағы және 6 мәҳәллеге хызмет көрсететуғын орайға айланбақта. Буннан руўхланып, онлаған исбилерменлер түрли жойбарларды алға қойды. Бул мәҳәллелерге архитектор ҳәм урбанист тартылғаны нәтийжесинде 7 мәҳәллениң көринисин пүткиллей өзгертиў ушын имканият пайда болмақта.
Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине “Реформалар штабы” менен бирге биринши басқышта 33 район ҳәм 330 мәҳәлледе жумысларды әне усындай қатнас тийкарында жолға қойыў тапсырылды.
Мәжилисте мәҳәллелерде исбилерменлик жойбарларын кеңейтиў мәселелери де додаланды.
Барлық мәҳәлледе қәнигелесиўди ақырына жеткериў керек екенлиги көрсетип өтилди. Онда мәҳәллелердиң халқы менен ушырасып ҳәм олардың потенциалынан келип шығып, анық қәнигелесиўин белгилеў, кеминде 200 мың халықты бәнт ететуғын микрожойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.
Мәҳәллелерге 2 мың квадрат метрге шекем бос мәмлекетлик объектлерди аукционға шығарыў ўәкиллиги берилген. Енди мәҳәлле баслығы ҳәм ҳәким жәрдемшиси бос турған 5 мың квадратқа шекемги мәмлекетлик мүлкти аукционға шығарыўы мүмкин болады. Сатыўдан түскен қаржының 70 проценти мәҳәллениң өзинде қалады ҳәм инфраструктураға жумсалады.
Соның менен бирге, мәҳәлле имаратларын заманагөй сервис объектине айландырыў ушын исбилерменлерге қосымша жеңилликлер бериледи.

Соның ишинде, қала ҳәм ўәлаят орайында исбилерменлер тәрепинен қурылып, төменги қабатында “мәҳәлле жетилиги” жайласатуғын имаратлар 3 жыл мүддетке жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи. Аўыллық жерлерде болса бул жеңилликлер 7 жыл етип белгиленеди. Имарат ийеси болған исбилерменлер усы мүддет даўамында пайда ҳәм айланыстан салықты 50 процент төменлетилген ставкада төлейди.
Мәжилисте мәҳәллелердеги социаллық орталық ҳәм жаслар тәрбиясы бойынша шешим табылыўы керек болған бир қатар мәселелер көрсетип өтилди.
Атап айтқанда, шаңарақлардың ажырасыўлары, алимент төлеўден бас тартыў, шаңарағы ҳәм балаларын кредит қарызлары менен таслап кетиў жағдайларының ушырасып атырғаны, жақын туўысқанлар арасындағы ҳәм ерте некелердиң унамсыз ақыбетлери ҳәммени – ҳәкимлер, “мәҳәлле жетилиги”, нураныйлар, пүткил жәмийетшиликти қатты тәшўишке салыўы керек екенлиги атап өтилди.
Шаңарақ қурыў бул тек ғана өзи емес, ал өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери алдындағы үлкен жуўапкершилик екенин жасларға түсиндириў, ажырасыўлар ақыбетинде тәреплер, әсиресе, перзентлер аўыр материаллық жағдайға түсиўиниң алдын алыў мақсетинде неке шәртнамасын дүзиўдиң абзаллықларын үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Айырым мәҳәллелер, көшелер, қурылыслар әтирапы, салмалар, қыябанларда тазалық талапларына әмел етилмей атырғаны көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен пүткил республикада тазалық ҳәм азадалық айлығы жәрияланыўы белгиленип, ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкимине, абаданластырыўға жуўапкер ҳәким орынбасарларына тийисли тапсырмалар берилди.
Енди “жетилик,” мәҳәлле халқы жасыл аймақ етиў басламасы менен шықса, район ҳәкими 10 сотихқа шекем жер майданын ажыратып бериўи белгиленди. Ҳәкимлер ҳәм “жетилик” бул үстинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаў орнатылатуғыны, бул жерлерден басқа мақсетлерде пайдаланылса, нызам үстин, жаза сөзсиз болатуғыны ҳаққында ескертилди.
Жуўапкерлерге “жетилик”тиң жумысын комплексли баҳалайтуғын системаны иске қосыў тапсырылды.
Район ҳәкимлери жыл жуўмағына бола жақсы ислеген 10 “жетилик”тиң бәршесин сыйлықлаў, оларға қосымша үстемелер бериўди жолға қояды. Буннан былай “жетилик” хызметкерлери менен ҳәр бир бағдар бойынша өз алдына мәжилис өткериў қадаған етилетуғыны белгиленди.
– Реформаларымыздың босағасы болған ҳәр бир мәҳәллеге Жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў, бәринен бурын, “мәҳәлле жетилиги”ниң бирден-бир жәмәәт болып ислесиўине тиккелей байланыслы, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте жуўапкерлер ҳәм аймақлар басшыларының есаплары тыңланды, мәҳәлле баслықлары менен сөйлести.
ӨзА