Өзбекстанда социаллық геопортал ислеп шығылды

Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетте социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураға байланыслы мәмлекетлик инвестицияларды басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарыныӊ жойбары ислеп шығылды.
Оған бола, “Социаллық тараўдағы мәмлекетлик инвестицияларды басқарыў геопорталы”н енгизиў нәзерде тутылған. Порталда инфраструктураға байланыслы мәлимлемелер бирден-бир қатнас тийкарында жыйналады ҳәм системаластырылады.
Бул социаллық тараўларға байланыслы стратегияларды ислеп шығыў, жаңа жойбарларды дурыс режелестириў, бюджет ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржыларын мәнзилли бөлистириўге хызмет етеди. Сондай-ақ, инфраструктура жойбарларын мониторинг етиўге кең жәмийетшиликти тартыў нәзерде тутылмақта.
Бул қарар жойбары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталы – regulation.adliya.uz да додалаў ушын жайластырылды.
ӨзА