Сергей Фомин “Челленжер”деги жүрисин баслады

119

Қытайда теннис бойынша “Челленжер” дүркимине киретуғын турнирде жерлесимиз Сергей Фомин табыслы старт алды.

Теннисшимиз тийкарғы сет ойынларының биринши басқышында франциялы Артур Вебирди еки сетте де бирдей 6:4 есабында жеңди ҳәм екинши айланбада япониялы Шо Шимабукуро менен бәсекилесиў ҳуқықын қолға киргизди.

Сондай-ақ, Сергей Фомин жарыстың жуплық беллесиўлеринде нейтрал статустағы теннисшы Егор Агафонов пенен қатнаспақта. Олар биринши айланбада қарсыласы Жаңа Зеландиялы теннисшилер Финн Рейнолдс ҳәм Жеймс Уотт пенен күш сынасады. Жарыс 15-октябрь күни шөлкемлестириледи.

Еслетип өтемиз, сыйлық қоры 100 мың АҚШ доллары болған бул турнирде және бир теннисшимиз Ҳумоюн Султонов дәслепки айланбада қытайлы Мо Есонгтан 1:6, 2:6 есабында жеңилди.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА