Енди “жетилик”, мәҳәлле халқы жасыл аймақ етиў басламасы менен шықса, район ҳәкими 10 сотыхқа шекем жер майданын ажыратып береди

67

Мәҳәллелердиң халқы өзлери терек егиўге, тәрбиялаўға, жасыл аймақларды көбейтиўге таяр.

Бирақ бирде-бир ҳәким ямаса мәҳәлле баслығы мәнзилли орынды көрсетпей атырғаны сынға алынды.

Енди “жетилик”, мәҳәлле халқы жасыл аймақ етиў басламасы менен шықса, район ҳәкими 10 сотыхқа шекем жер майданын ажыратып береди.

Ҳәкимлер ҳәм “жетилик” бул үстинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаў орнатылатуғыны, бул жерлер басқа мақсетлерге берилетуғын болса, нызам үстин, жаза сөзсиз болатуғыны ҳаққында ескертилди.

Бас прокуратураға басқа мақсетлер ушын берип жиберилген жасыл аймақ, спорт майданшасы, балалар ойын майданшаларын орнына қайтарыў бойынша тапсырма берилген еди. Төрт ай ишинде 20 гектар жасыл аймақ, 107 спорт майданшасы ҳәм балалар ойын майданшалары тикленди.

Мәмлекетимиз басшысы бундай орынлардың барлығы орын-орнына қойылмағанша жумысты даўам еттириў ўазыйпасын қойды.

ӨзА