Шаңарақ қурыў үлкен жуўапкершилик екенин жасларға түсиндириў зәрүрлиги көрсетип өтилди

89

Мәжилисте мәҳәллелердеги социаллық орталық ҳәм жаслар тәрбиясы бойынша шешим табылыўы керек болған бир қатар мәселелер көрсетип өтилди.

Мәселен, жыл басынан берли 32 мыңға шамалас шаңарақ ажырасып кеткени, 16 мың ата-ана алимент төлеўден бас тартып киятырғаны, шаңарағы ҳәм балаларын кредит қарызлары менен таслап кетиў жағдайлары ушырасып атырғаны, жақын туўысқанлар арасындағы ҳәм ерте некелердиң унамсыз ақыбетлери ҳәммени – ҳәкимлер, “мәҳәлле жетилиги,” нураныйлар, пүткил жәмийетшиликти қатты тәшўишке салыўы керек екенлиги атап өтилди.

Шаңарақ қурыў бул – тек ғана өзи емес, ал өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери алдындағы үлкен жуўапкершилик екенин жасларға түсиндириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Ажырасыўларда тәреплер, әсиресе, перзентлер аўыр материаллық жағдайға түсиўиниң алдын алыў ушын неке шәртнамасын дүзиўдиң абзаллықларын үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА