Ҳуқықый мәдениятты арттырыў мақсетинде «Жаслар ҳәм нызам» таңлаўы өткерилди

Нөкисте «Жаслар ҳәм нызам» ҳуқықый таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўда алып барылып атырған барлық реформалар бәркамал, ғәрезсиз пикирлейтуғын, жәмийетлик турмыста мүнәсип орын ийелеўге умтылған, елимизди раўажландырыўда үлги көрсете алатуғын жасларды тәрбиялаўға бағдарланған.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети нызам үстинлигин тәмийинлеў, елимизде алып барылып атырған суд-ҳуқық системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеўде жаслардың орны ҳәм тараўда басламалар майданын жаратыў, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәҳәлле жасларының ҳуқықый билимлерин раўажландырыўдан ибарат.
«Жаслар ҳәм нызам» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында барлық 17 қала ҳәм районларынан таңлап алынған 14-18 ҳәм 18-30 жас категорияларынан ибарат командалар белсене қатнасты. Таңлаўда жәми 272 жас қатнасып, өз билим ҳәм шеберликлерин көрсетти.
Таңлаўды жоқары дәрежеде өткериў ушын бир қатар мәмлекетлик шөлкемлер, атап айтқанда, Жоқарғы суд, Ишки ислер, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлери, Жаслар ислери агентлиги жуўапкер ўәкиллери командалардың «Ҳуқықый пенальти», «Мениң нызамшылық басламам», «Конституция билимданы» сыяқлы ҳәр қыйлы шәртлер тийкарында ҳуқықый билимлерин сынақтан өткерди.


Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, 14-18 жас категориясындағы беллесиўлерде 1-орынды Қанлыкөл районы «Дослық» мәҳәллесиниң командасы, 2-орынды Бозатаў районы «Көк суў» мәҳәллесиниң командасы, 3-орынды Хожели районы «Парвоз» мәҳәллесиниң командасы ийеледи. 18-30 жас категориясындағы беллесиўлерде 1-орын Кегейли районы «Бахытлы» мәҳәллесиниң командасына, 2-орын Бозатаў районы «Көк суў» мәҳәллесиниң командасына, 3-орын Тақыятас районы «Халықлар дослығы» мәҳәллесиниң командасына несип етти.
Таңлаў жеңимпазлары жуўапкер шөлкемлер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги