Қарақалпақстанда динозавр сүйеклери табылды

94

Бүгинги күни мәмлекетимизде геология тараўына айрықша итибар қаратылып,  тәбийий ресурсларды үйрениў, жер қатламларының тарийхын таллаў ҳәм геологиялық мийрасты сақлаў жолында илимий излениўлер барған сайын кеңейип бармақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де геология бағдарында нәтийжели илимий изленислер алып барылып, жаңа табылмалар табылмақта. Атап айтқанда, 12-октябрь күни Султан Ўәйис  таў дизбеклериниң Хожакөл таў алды аймағында университеттиң Тәбийғый география ҳәм гидрометеорология кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик геология музейиниң директоры Ахметжан Ахметшаевлар қатнасыўында дала-изертлеў жумыслары әмелге асырылды. Изертлеўлер даўамында Пор дәўирине (шама менен 65-75 миллион жыл алдын) тийисли болған динозавр сүйеклери табылды.

Мағлыўматларға бола, табылыўлар 3 метр тереңликте шурф қазыў процесинде анықланған болып, дәслепки болжаўларға бола, олар аймағымызды жасаған ири от-шөп жеўши динозаврларға тийисли болыўы мүмкин. Табылған үлгилер арасында омыртқа, аяқ ҳәм қабырға сүйеклериниң тасқа айланған қалдықлары бар. Бул қалдықлар арнаўлы лабораторияда терең үйрениў ҳәм таллаў ушын алынды.

– Бул табылыў тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил Өзбекстан аймағының геологиялық ҳәм палеонтологиялық тарийхын үйрениўде әҳмийетли илимий дәрек болып, бундай табылыўлар жас геолог ҳәм географ қәнигелер ушын әмелий тәжирийбе мектеби ўазыйпасын атқарып атыр, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик геология музейиниң директоры Ахметжан Ахметшаев.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң геологиялық изертлеўлер бағдарында алып барып атырған бундай изленислери, жас қәнигелердиң қатнасыўындағы дала әмелиятлары мәмлекетимиздиң геология ҳәм палеонтология тараўының және де раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы