Caira  — жасалма интеллектли камера модули

95

Camera Intelligence компаниясы iPhone смартфонлары ушын жаңа әўлад камера модули Cairaны усынды. Қурылма МагСафе арқалы жалғанады ҳәм Olympus ҳәм Panasonic линзалары менен ислей алады. Cairaда iPhone 17 Prо сенсорынан төрт есе үлкен сенсор орнатылған болып, бул сүўрет сапасын сезилерли дәрежеде арттырады.

Модул ишинде 5000 mAh қуўатлылықтағы батарея, қолайлы услағыш ҳәм арнаўлы басқарыў түймелери бар. Ол Snapdragon процессори ҳәм Google Edge тезлигинде ислейди ҳәм де Google Nano Banana  жасалма интеллект моделин қоллап-қуўатлайды.

ЖИ жәрдеминде пайдаланыўшылар сүўретлерди реал ўақыт режиминде редакторлап, күндизги кадрди түнги кадрға айландырыўы ямаса кийим ҳәм аксессуарларды алмастырыўы мүмкин. Бунда беттиң тәбийий өзгешеликлери сақланып қалады.

Алдыннан буйыртпа бериў 30-октябрьден басланады. Баҳасы еле жәрияланбаған.

Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары