Британия Газаны қайта қурыў бойынша халықаралық саммитке басшылық етеди

Уллы Британия пайтахты Лондонда Газаны қайта қурыў бойынша үш күнлик халықаралық конференция басланбақта.
Илажда Палестина ҳәкимшилиги, Саудия Арабстаны, Иордания, Германия ҳәм Италия, сондай-ақ, Жәҳән банки, ЕТРБ сыяқлы халықаралық финанс институтлары, жеке меншик донорлар, гуманитар шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасады.
Додалаўларда Газа инфраструктурасын қайта қурыўға, Палестина ҳәкимшилиги шеңбериндеги реформаларға итибар қаратылады.
Сондай-ақ, Лондон Газа секторына 27 миллион долларлық гуманитарлық жәрдем көрсетиўге ўәде берди. Бул қаржы ЮНИСЕФ, Жәҳән азық-аўқат бағдарламасы ҳәм Норвегия қашқынлар кеңеси арқалы аймақты суў, санитария, аўқатланыў ҳәм гигиена хызметлери менен тәмийинлеўге жумсалады.
С.Раҳимов, ӨзА