Акбар Жўраев – үш мәрте жәҳән чемпионы!

98

Норвегияның Форде қаласында аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Ер адамлар арасында 110 кг салмақта беллесиўлер жуўмақланды ҳәм Акбар Жўраев барлық бағдарларда (дәс көтериў, силтеп көтериў ҳәм улыўма) алтын медальларды қолға киргизди.

Жўраев дәс көтериўде 196 кг нәтийже менен жәҳән рекордын орнатты!

Ол силтеп көтериўдиң үшинши урыныўында 245 кг.ға буйыртпа берди, бирақ салмақты көтере алмады. Егер бул әмелге асқанда – барлық бағдарларда жәҳән рекордшысы болар еди!

Иранлы Алиризо Насирий – силтеп көтериўде 231 кг ҳәм улыўма 415 кг нәтийже менен гүмис медаль ийесине айланды.

Жерлесимиз Руслан Нурудинов – силтеп көтериўде 228 кг ҳәм улыўма 414 кг нәтийже менен қола медальға ийе болды.

Ол дәс көтериўде 186 кг нәтийже менен 4-орынды ийеледи.

ӨзА