Францияда жаңа ҳүкимет қурамы жәрияланды

119

Себастьян Лекорню бас министр етип қайта тайынланғанынан еки күн өткеннен кейин Франция Лекорню басшылығындағы жаңа ҳүкиметтиң қурамын жәриялады.

Жаңа Франция ҳүкиметиниң қурамы Себастьян Лекорню бас министр етип қайта тайынланғанынан еки күн өткеннен соң жәрияланды. Сыртқы ислер министри Жан-Ноэль Барро, Экономика ҳәм қаржы министри Ролан Лескур, Мәденият министри Рачида Дати ҳәм Әдиллик министри Жерар Дарманин өз лаўазымларында қалды.

Елисей сарайының хабарына бола, жаңа ҳүкиметтиң барлық ағзалары 14-октябрь күни жыйналады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги