Регионаллиқ бирге ислесиў бойинша әҳмийетли басламалар

Мүнәсибет
Халқымыз әзелден жақсы қоңсышылық қатнасықларына айрықша итибар қаратып келген. Бүгин де бул дәстүр қәдирият дәрежесинде улығланып келинбекте.
Регионымыз ҳәм бизиң мәмлекетимизди жақын дос деп билетуғын дүнья еллери менен тарийхый байланысларымыз бүгин жаңаша шараят, жаңаша орталықта беккемленип бармақта.
Әлбетте, булардың барлығы мәмлекетимизде алып барылып атырған ашық, дослық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаттың нәтийжеси болып есапланады. Әзербайжанның Габала қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң регионаллық тарийхый әҳмийети ҳаққында кең жәмийетшилик ўәкиллери ғалаба хабар қуралларында өз пикир-усынысларын, мүнәсибетлерин билдирмекте.
Ҳақыйқатында да, бул саммитте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған стратегиялық басламалар региондағы мәмлекетлер арасында дослық байланысларын беккемлеўде әҳмийетли болып есапланады.
Соның ишинде, Түрк дүнясының бирден-бир мақсет ҳәм қәдириятларға тийкарланған ҳалда интеграцияласыўы ушын “Мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнама”ны қабыл етиў усынысы, халқымызға тән болған әзелий қан-қанына дослық ҳәм туўысқанлық байланысларының жаңа басқышқа даўам етиўинде ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.
Әсиресе, “Turk Trade” онлайн платформасын шөлкемлестириў, регионаллық экономикалық интеграцияны жеделлестириў, химия, фармацевтика, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм қурылыс тараўларында қоспа жойбарларды жолға қойыў арқалы санаат потенциалын бирлестириўге қаратылған басламалар, турақлы экономика, аўызбиршиликте абаданлыққа қарай исенимли қәдем таслаўға қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысының “Жасыл Туран” басламасы ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў арқалы екологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлердиң әҳмийетине айрықша итибар қаратылғаны тосыннан емес.
Бүгин мәмлекетимизде “жасыл экономика”ға қарай кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Президентимиздиң Аўғанстан бойынша бирден-бир көзқарасты ислеп шығыў, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы бирге ислесиўди күшейтиў бойынша усынысы Аўғанстан халқының тынышлыққа умтылыўларын қоллап-қуўатлаўға, регионда тынышлыққа тийкарланған абадан турмысты тәмийинлеўге хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.
Мәденият ҳәм билимлендириў мәселелерине де итибар қаратылып, Түркий мәмлекетлер халықаралық университетин раўажландырыў, биргеликтеги илимий жойбарларды әмелге асырыў, дүньяқарасы кең илимде жаңалықлар жаратыўға уқыплы болған жасларды камалға келтириўге қаратылған.
Халықаралық жәмийетшилик пенен ислесиў мәселесинде, БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў ушын улыўма позицияны қәлиплестириў әҳмийетли екенлигине де итибар қаратылды.
Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммити Өзбекстанның сыртқы сиясат бағдарындағы стратегиялық мақсетлерин көрсетти.
Нурлыбай Қайыпбергенов,
Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы