“Вики естеликлерди сүйеди”: Өзбекстанның мәдений мийрасы объективте

Халықаралық “Вики естеликлерди сүйеди” таңлаўы ҳәр жылы пүткил дүнья бойлап өткериледи. Быйыл таңлаўға 40 тан аслам мәмлекет қатнасады. Олардың арасында Өзбекстан да бар. Мәмлекетимиз бул таңлаўға үшинши жыл избе-из қатнаспақта, өткен жыллары 8 мыңнан аслам сүўрет жүкленген, сондай-ақ, бир сүўрет дүнья көлеминде сыйлы орын ийелеген.
Таңлаўда тарийхый имаратлар ҳәм дыққатқа ылайық орынлардың сүўретлери менен қатнасыў мүмкин.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети кең жәмийетшиликтиң итибарын мәдений мийрас объектлерине, қатнасыўшы мәмлекетлердиң архитектуралық естеликлерине қаратыў ҳәм мәмлекетимизде туризмниң раўажланыўына үлес қосыўдан ибарат.
“Вики естеликлерди сүйеди” (Wiki Loves Monuments, WLM) фото таңлаўы 2010-жылдан берли ҳәр жылы гүз мәўсиминде дүньяның түрли мәмлекетлеринде өткерилип келинбекте.
Мәмлекетимизде бул таңлаў 1-31-октябрь күнлери өткериледи. Оның шөлкемлестириўшиси “Wikimedia Foundation” болып есапланады.
Ҳамроз Баянов, ӨзА