Жәҳән интернет тармағында өзбек тилине байланыслы мағлыўматлар көбеймекте

Бизге белгили, “WikiMarafon” Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жас дөретиўшилер кеңеси тәрепинен өзбек тилиндеги википедияны раўажландырыўға қаратылған жойбар болып, онда өзбек тилиндеги википедияны байытыў арқалы дүнья жүзилик интернет тармағында өзбек тилине байланыслы мағлыўматларды көбейтиў мақсет етилген.
Усы күнлерде Жаслар ислери агентлиги, ”Asaxiy Books” ҳәм “WikiMarafon” биргеликте китапқумар жаслар ушын жаңа жойбарды жолға қойды.
Енди жаслар усы жойбар арқалы “WikiKitob” таңлаўында қатнасып китаплар топламынан бирин жеңип алыў имканиятына ийе болады. Бул, өзбек тилиндеги википедия сапасын арттырыў, китапқумарлыққа қызығыўшылығы жоқары болған жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық жойбар болып есапланады.
Бул таңлаўдың тийкарғы мақсети студент ҳәм оқыўшылар арасында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, олардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм китап оқыўды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды өзиниң еркин пикирине ийе, олйаў шеӊбери кең етип тәрбиялаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
– Бул таңлаў студент ҳәм оқыўшылардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди, – деди Жаслар ислери агентлиги “WikiMarafon” жойбарының басшысы Шоҳжаҳон Собиров. – Сондай-ақ, таңлаўдан жаслардың сөз байлығын кеңейтиў, социаллық белсендилигин ҳәм миллет тәғдирине байланыслылығын арттырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў сыяқлы ўазыйпалар гөзленген.
Соның менен бирге, әдебий орталықтың қәлиплесиўине ерисиў, жаслардың санасында Ўатанымыз тарийхы, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар, жәмийетлик турмыс ҳаққындағы түсиник ҳәм билим-көнликпелерин буннан былай да арттырыўға әҳмийет қаратылады.
Бул арқалы өзбек ҳәм жәҳән әдебиятының сайланды үлгилерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, Өзбекше википедия арқалы әдебий билимлерди беккемлеў ҳәм санлы руўхыйлықты раўажландырыў ең тийкарғы мақсет болып есапланады.
Усы жерде таңлаўды өткериў тәртиби де жоқарыдағы нормалар тийкарында режелестирилген.
Таңлаў шөлкемлестириў топары тәрепинен бир басқышта, онлайн форматта шөлкемлестириледи. Таңлаў 10-октябрьден 15-октябрьге шекем даўам етип, нәтийжелер 17-октябрьге шекем жәрияланады. Бул таңлаў жеке тәртиптеги жарыс болып, онда қатнасыў ушын талабанлар @WikiTanlov_bot арқалы дизимнен өтеди.
Қатнасыўшылар телеграм бот арқалы белгиленген тәртипте дизимнен өткеннен соң, арнаўлы айна арқалы 40 тестти шешиўи керек. Тестлер Өзбекше Википедияда бар болған китапларға тийисли мақалалар бойынша дүзиледи. Тестлерди шешиў ушын улыўма 60 минут ўақыт бериледи.
Телеграм бот арқалы белгиленген тәртипте дизимнен өткен қатнасыўшылар бот усынатуғын арнаўлы силтемени досларына бөлистириў арқалы таңлаўды үгит-нәсиятлаў бойынша арнаўлы таңлаўда қатнасыўы мүмкин болады.
Онда қатнасыўшыларға ҳәр бир мирәт еткен досты ушын 1 реферал балл бериледи. Таңлаўдың тест нәтийжелери бойынша қатнасыўшылардың нәтийжелери тең келип қалған жағдайда, тестти орынлап болған ўақытқа қаралады. Қосымша нәтийжелери жоқары болған қатнасыўшыға үстинлик бериледи.
Таңлаўдың жуўмақлаўшы нәтийжелери 2 күн мүддетте қатнасыўшыларға мәлим етиледи.
Соның менен бирге, таңлаў даўамында қатнасыўшының еки ямаса оннан артық аккаунтлардан қатнасып атырғаны анықланса, таңлаўдан шетлетиледи ҳәм нәтийжеси бийкарланады.
Таңлаў соңында жеңимпазлар китаплар топламы менен сыйлықланады. Таңлаўдың сайлап алыў басқышында тест ислеген ҳәм финал басқышында қатнасып, жоқары орынларды ийелей алмаған барлық қатнасыўшылар нәтийжесине қарамастан электрон сертификат пенен сыйлықланады.
Жуўмақлаўшы қағыйдалар соннан ибарат, таңлаў даўамында шөлкемлестириўшилер қатнасыўшының шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетин көрсетиўин талап етиў (онлайн жибериў) ҳәм жоқары орынды ийелеген қатнасыўшылардың нәтийжелерине гүман пайда болғанда, олар менен видеочат ямаса телефон арқалы қосымша сораў-жуўап өткериў ўәкиллигине ийе.
Гулноза Бобоева, ӨзА