Билимлендириўде жасалма интеллекттен пайдаланыў оқыўшыны пикирсиз қалдырмай ма?

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги “Ҳүкимет сааты”нда жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша санлы технологиялар министри Шерзод Шерматовтың мәлимлемеси тыңланып, депутатлар тараўға байланыслы бир қатар сораўлар менен министрге мүрәжат етти.
Муҳаммаджон Валиев, депутат:
– Бүгинги күнде ҳәр бир тараўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Атап айтқанда, билимлендириў тараўында оқыўшылардың шығарма ҳәм баянатлар жазыўда жасалма интеллекттен пайдаланыўы қай дәрежеде нәтийже береди? Бул бағдарда Мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў министрлиги менен биргеликте қандай жумыслар алып барылмақта?
Шерзод Шерматов, санлы технологиялар министри:
– Әлбетте, жасалма интеллект технологиялары жәрдеминде алынған илим менен тәбийғый түрде өзи ойлап, өзи үйренип алынған илим парық қылады. Билимлендириўде жасалма интеллекттен пайдаланыўдың нәтийжелилиги илимий жақтан еле үйренилмеген. Бул мәселе қәнигелер тәрепинен илимий көзқарастан үйренилиўи керек. Әлбетте, бул бағдарда министрлик пенен белгили жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, заман менен тең болыў, заманагөй технологиялардың қәўип-қәтерлеринен жырақ болған ҳалда пайдаланыў да зәрүр.
Дилдора Камолова, депутат:
– Бүгин экологиялық қәўип-қәтерлер қәўпи артқан бир ўақытта мәмлекет жасалма интеллектти экологиялық сиясатқа интеграциялаў процесинен шетте тура алмайды. Улыўма, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында жасалма интеллектке тийкарланған қандай жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген?
Шерзод Шерматов:
– Экологияны сақлаў тараўында тек ғана жасалма интеллект емес, ал санластырыў бағдарында бир қатар жойбарларымыз бар. Мәселен, экологияға зыян жеткериўи мүмкин болған көплеген жағдайлар электрон ҳүкиметти енгизиў, мәмлекетлик хызметлерди ямаса банк хызметлерин онлайн тәризде көрсетиў арқалы сапластырылмақта. Айтайық, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын транспортта барыў арқалы атмосфераға зәҳәрли элементлер шығарылған болса, енди бундай ҳәрекетлерге зәрүрлик қалмады. Буннан тысқары, қағаз жумсалыўы кескин қысқартылды.
Сондай-ақ, “Жасыл мәкан” шеңберинде егилген нәллердиң қай дәрежеде көгергенин, оларды таллаў, паспортластырыў, космослық қурал ямаса дронлар арқалы жасыл аймақлардың қай дәрежеде артып ямаса көбейип атырғанын қадағалаў имканиятлары жаратылды.
Буннан тысқары, ғәлледен босаған атызларды жағыў жағдайлары бойынша өз алдына портал жаратылғаны нәтийжесинде қайсы аймақта, қанша майдан өртегени спутник арқалы анықланып, таллаў имканияты пайда болды. Нәтийжеде ғәлле майданларын өртеў жағдайлары өткен жылы менен салыстырғанда 30 проценттен артық азайғанын көриў мүмкин.
Улыўма, экология тараўында және бир биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.
Муҳтарама Комилова, ӨзА