«Бүгин Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәлимлеме хызметлериниң басшылары ушын оқыў-әмелий  семинар өз жумысын баслады.

109

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң баспасөз хызметлериниң басшылары, сондай-ақ, тараў бойынша қәнигелер ҳәм экспертлер қатнаспақта.

Семинар шеңберинде мәлимлеме сиясаты ҳәм коммуникация процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, фейк хабарлар ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы турыў, кризисли коммуникацияны шөлкемлестириў ҳәм заманагөй PR технологиялары, санлы медиа ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў, сапалы контент жаратыў мәселелери додаланбақта.

Илаждың ашылыўында қатнасыўшыларға мүрәжат етип, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар баспасөз хаткерлериниң статусын ҳәм жуўапкершилигин сезилерли дәрежеде арттырғанын, жумысы ушын кең имканиятлар жаратқанын атап өттим.

Соның менен бирге, тараўда еле системалы кемшиликлер сақланып атырғанын, жумыста жетерли дәрежеде жеделлик, аналитикалық қатнас ҳәм креативлик жетиспей атырғанын атап өттим.

Ғалаба хабар қураллары менен турақлы бирге ислесиў, ҳәр қандай жағдайда олардың сораўларына ашық болыў ҳәм өз ўақтында жуўап бериў биринши дәрежели ўазыйпа болыўы керек екенлигин айрықша атап өттим.

Кәсиплеслеримди белсенди ҳәм интакер болыўға, турақлы түрде билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыўға, жуўапкершилик, сергеклик ҳәм жоқары профессионаллықты көрсетиўге, заманагөй технологиялар тийкарында ҳәм ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыўға шақырдым.

Бул оқыў-әмелий семинар мәлимлеме хызметлери басшылары ушын тәжирийбе алмасыў, маманлық арттырыў ҳәм жумысты жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли майдан болып хызмет ететуғынына исенемен.» – деп жазады Шерзод Асадов өзиниң  телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги