Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Тәжикстанда болады

73

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мирәт етиўине бола 9-10-октябрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

 Мәмлекетимиз басшысы Душанбе қаласында болып өтетуғын “Орайлық Азия – Россия” форматындағы екинши саммит ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.

Болажақ илажлардың күн тәртибинен көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда қоспа жойбарларды алға қойыў, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларында кооперациялаў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў мәселелери орын алған.

Жетекшилер халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң әҳмийетли тәреплерин де додалайды.

Саммитлердиң жуўмағында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бир қатар биргеликтеги ҳүжжетлер ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

 ӨзА