Женевадағы форумда мүнәсип мийнет ҳәм экономикалық өсиў мәселелери додаланды

Женевада болып өткен “Келешекти қәлиплестириўши қалалар” сүрени астында өткерилген “БМШ-2025” Мэрлер форумының бесинши мәжилисинде мәмлекетимиз атынан Ташкент қаласы ҳәкимлиги делегациясы қатнасты.
Дүняның 100 ден аслам пайтахт ҳәм басқа да қалаларының мэрлери қатнасқан форумда қатнасыўшылар өз-ара тәжирийбе алысты. Соның ишинде, регионлараралық бирге ислесиў перспективалары, қалалар ҳәм жергиликли жәмийетшиликлердиң роли және турақлы раўажланыўдың тийкарғы мәселелери бойынша шешимлер додаланды.

Сондай-ақ, илажда Турақлы раўажланыў мақсетлери көрип шығылды. Атап айтқанда, жақсы денсаўлық ҳәм абаданлық, гендер теңлиги, мүнәсип мийнет ҳәм экономикалық өсим және климат қаржыландырыў механизмлери ҳәм турақ жай қурылысы машқалалары көрип шығылды.
Форум шеңберинде делегация ағзалары ҳәм БМШтың Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан менен еки тәреплеме ушырасыў болып өтти. Онда транспорт, логистика ҳәм экология тараўларындағы бирге ислесиў бағдарлары додаланды.

Бирге ислесиўди беккемлеў бойынша анық қәдемлерди өз ишине алған “Жол картасы”н таярлаў ҳаққында келисимге ерисилди.
Гулноза Бобоева, ӨзАның хабаршысы