Химия бойынша Нобель сыйлығының лауреатлары Сусуму Китагава, Ричард Робсон ҳәм Омар Ягхи болды.
97

Сыйлық глобаллық машқалаларды шешиўде үлкен потенциалға ийе болған жоқары геўекли материаллардың жаңа класы – металлорганикалық каркасларды ислеп шыққаны ушын бериледи.
Илимпазлар газлер ҳәм басқа химиялық затлар өте алатуғын үлкен бослықлы молекуляр дүзилислерди жаратты. Бул дүзилислерден шөлде ҳаўадан суў жыйнаўда, карбонат ангидридти услап қалыўда, зәҳәрли газлерди сақлаўда ямаса химиялық реакцияларды тезлестириўде пайдаланыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентилиги