Турақлы раўажланыўға бағдарланған бирге ислесиў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрманов Японияның Өзбекстандағы Елшиханасының екинши хаткери Кими Уно менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып ҳәм БМШтың Раўажландырыў бағдарламасы тәрепинен әмелге асырылып атырған “Аралбойы регионында климат өзгериўине шыдамлы аўыл хожалығы арқалы өзин-өзи тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў” жойбары шеңберинде алып барылып атырған жумыслар додаланды.
Өз-ара сөйлесиў даўамында, тәреплер бири-бирин қызғын қутлықлап, Япония ҳүкимети, БМШтың Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы бирге ислесиў нәтийжели түрде басқышпа-басқыш раўажланып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, Хожели, Шымбай, Нөкис ҳәм Кегейли районларында үй хожалықларын қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, мийўели бағлар жаратыў ҳәм жергиликли халықтың дәраматларын арттырыў бағдарларында әмелге асырылған жойбарлардың нәтийжелери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда «Бир аўыл – бир өним” (OVOP) ҳәм “Kaydzen» принциплерине тийкарланған инновациялық агробизнес шешимлерин енгизиў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың потенциалын арттырыў ҳәм ишки базарда бәсекиге шыдамлы өнимлер жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, жергиликли өнимлерди үгит-нәсиятлаў ҳәм сатыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде ислеп шығылған www.ovop.uz онлайн платформасы ҳәм “OVOP ARAL” саўда белгисиниң әҳмийетине тоқталды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Япония ҳүкимети, БМШтың Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм келешекте Аралбойы регионында турақлы раўажланыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикирлес екенин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги