“Халықты шаўқымның зыянлы тәсиринен қорғаў ҳаққында”ғы нызамға өзгерислер киргизилмекте

Жойбар менен пуқаралардың нормада дем алыўын бузыўға жол қойылмайтуғын ўақытлар аралығын әмелдеги 7 сааттан (саат 23:00 ден 06:00 ге шекем) 8 саатқа (саат 23:00 ден 07:00 ге шекем), дем алыс күнлери ҳәм нызамшылық пенен белгиленген исленбейтуғын байрам күнлери болса саат 22:00 ден 09:00 ге шекемги ўақыт аралығына өзгертиў усыныс етилмекте.
Усы ўақыт аралығында пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормада дем алыўын бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Сондай-ақ, халық жасайтуғын көп квартиралы турақ жайларда шаўқымның жол қойылатуғын дәрежесинен асатуғын қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын жумыс күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем әмелге асырыў мүмкин екенлиги белгилеп қойылмақта.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги