«Нөкисте, сондай-ақ, жуўапкерлер менен жаңа инвестиция ҳәм инфраструктура жойбарларын додаладық.

110

Қарақалпақстан әсте-ақырын жедел экономикалық аймаққа айланбақта. Еки жылда 64 инвестициялық жойбардың иске қосылғаны нәтийжесинде 5 мыңнан аслам халық жумыслы болған. Жаңа жойбарлар Қарақалпақстанда санаат, логистика, аўыл хожалығы ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырады. Жақын жылларда баҳасы 2 миллиард долларға шамалас және 27 жойбар жолға қойылады, дерлик 10 мың адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Маған аймақтағы газ, жол қурылысы ҳәм бизнести раўажландырыў бойынша дус келип атырған машқалалар ҳаққында да мағлыўмат берди. Биргеликте олар бойынша шешимлерди көрип шықтық.

Жаңа заводлар, клиникалар, дем алыў орайлары ҳәм логистика орайлары – барлығы қарақалпақ елиниң турмысын жақсылаўға, экономикалық өсиўге хызмет ететуғынына исенемен.» – деп жазбақта С.Мирзиёева өзиниӊ телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги