Жаңа қурылысларда коммуналлық тармақларға жүклемелер инабатқа алынып атыр ма?

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри Ш.Ҳидоятовтың “Ақаба суўларды шығарып жибериў системаларын модернизациялаў ҳәм жаңаларын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәлимлемеси тыңланып, депутатлар тараўға байланыслы бир қатар мәселелер бойынша сораўларды ортаға таслады.

Раҳматилла Шукуров, депутат:
– Ақаба суў тармақларында авария жүзеге келсе, жаңадан оңланған жоллар және бузылып, қазылыўы нәтийжесинде халыққа қолайсызлықлар жүзеге келеди. Бундай аварияларды алдыннан анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша инженерлик инфраструктураларында қандай жаңа технологиялар қолланылмақта, инновациялық қурылмалардан пайдаланыў имканиятлары қандай?
Озода Жўраева, қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министриниң орынбасары:
– Инновациялық технологиялардан пайдаланыў тараўда әҳмийетли болып есапланады. Жүзеге келиўи мүмкин болған авариялардың алдын алыў ушын турақлы тексериўлер алып барылады. Арнаўлы коллекторлар жәрдеминде ақаба суў тармақларын өткериў әмелияты жолға қойылмақта. Бир қатар жаңа жойбарларда коллекторлардан пайдаланылды. Коллекторларды тек ғана жаңа объект ҳәм жойбарларда әмелге асырыў мүмкин. Бул үлкен қаржыны талап етеди. Буннан тысқары, ески коммуналлық системаларда коллекторлар арқалы тармақларды өткериў имканияты жоқ. Бул халыққа қолайсызлық туўдырады.
Сайёра Жумаева, депутат:
– Бүгинги күнде республикамыздың барлық аймағында турақ жай қурылыслары көбейип бармақта. Бул болса коммуналлық тармақларға жүклемелерди арттырады. Орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўларда да бул бағдарда көплеген машқалалар көтериледи. Қурылысларға руқсат бериўде суў тармақлары, улыўма, коммуналлық тармақларға болатуғын жүклемелер де есапқа алына ма?

Министрлик жуўапкери:
– Нызамшылығымызға бола, ишимлик ҳәм ақаба тармақларының қуўатлылығы жетпесе, сол аймақта усы тармақларға жалғаныўға руқсат берилмейди. Тармақлардың қуўатлылығы турақлы қадағалаўда болады. Олардың қуўатлылығын арттырыў бойынша да жумыслар әмелге асырылмақта.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА