Кеше Ташкент метрополитениниң “Ғафур Ғулам” бәндиргисинде қыз перзент дүньяға келди
93

Ташкент метрополитени басшылығы бул жағдай мүнәсибети менен анаға ҳәм туўылған перзентине өмир бойы бийпул метродан пайдаланыў ҳуқықын беретуғын арнаўлы картаны тапсырыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, хызмет даўамында сергеклик ҳәм мәртлик үлгисин көрсеткен нәўбетши хызметкер – Наима Махамаджонова ҳәм процесске қатнасқан бир қатар метро хызметкерлери Ташкент метрополитени басшылығы тәрепинен хошаметленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги