Иранда мәжбүрий ҳижап үстинен қадағалаў арқайынластырылды

93

Иран Мақсетке муўапықлықты анықлаў кеңесиниң ағзасы Муҳаммадризо Баҳонар мәжбүрий ҳижап кийиў ҳаққындағы нызам енди орынланбайтуғынын ҳәм оны бузыў жәрийма ямаса жазаға себеп болмайтуғынын мәлим етти.

Бул нени анлатады? Ҳүкимет 2024-жылы парламент тәрепинен қабыл етилген, дресс-код қағыйдаларын бузғаны ушын үлкен жәриймалар ҳәм узақ мүддетли қамақ жазаларын нәзерде тутатуғын жаңа, және де қатаң ҳижап ҳәм ийбе ҳаққындағы нызам әмел етиўин тоқтатты.

Жаңа нызам бойынша жаза илажларының тоқтатылыўы, ески юридикалық нормалар рәсмий сақланып қалыўына қарамастан, ҳижап кийиўди әмелде жеке таңлаўға айландырмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги