Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкеминдеги тийкарғы бағдарлары

160

Жаңаша интеграция – Өзбекстан түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў тәрепдары. Самарқанд декларациясы ҳәм “Түркий дүнья нәзери – 2040” стратегиясы шеңберинде улыўма экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларға өтиў белгилеп қойылған.

Экономика ҳәм транспорт – Түркий инвестиция қоры ҳәм транспорт “жол картасы” шөлкемниң әмелий раўажланыўына жол ашты. Өзбекстан Транскаспий коридоры арқалы регион мәмлекетлерин байланыстырыў идеясын алға қоймақта.

Гуманитарлық тараўда жақынласыў – Өзбекстан билимлендириў, мәденият, илим ҳәм жаслар сиясаты тараўларындағы бирге ислесиўди және де күшейтиў тәрепдары. Бухараның Түркий жаслар пайтахты сыпатында тән алыныўы буған айқын мысал болып есапланады.

Тынышлық ҳәм турақлылық – Габала саммити регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған. Өз-ара байланыслылық ҳәм мәплер тийкарында турақлы тынышлықты беккемлеў Өзбекстанның тийкарғы мақсетлеринен бири болып есапланады.

Жетекшилик ҳәм избе-излик – Өзбекстан соңғы жылларда Түркий интеграция процесинде жетекши күшке айланды. Президент Мирзиёевтиң қатнасыўындағы саммитлер анық баслама ҳәм қарарлары менен шөлкемниң раўажланыўына үлес қоспақта.

ӨзА