Холид Ал-Ананий ЮНЕСКО Бас директоры етип сайланды

150

Египетли Холид Ал-Ананий француз Одри Азулениң орнына 2025-2029-жыллар ушын БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) бас директоры етип сайланды.

“MENA” рәсмий мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, Египеттиң бурынғы туризм ҳәм мәдений мийрас министри Холид Ал-Ананий шөлкем Атқарыў кеңесиниң 57 ағза мәмлекетинен 55 иниң қоллап-қуўатлаўына еристи, бул жағдай шөлкем дүзилгенинен берли бул лаўазым ушын өткерилген бәсекили сайлаўларда алынған ең көп даўыс болып есапланады.

Египет сыртқы ислер министри Бадр Абдулатий сайлаўдан кейинги шығып сөйлеген сөзинде Бас хаткерди қутлықлап, шөлкем 1945-жылы шөлкемлестирилгенинен берли бул лаўазымды ийелеген биринши египетли ҳәм араб екенин атап өтти.

Холид Ал-Ананий ким?

Холид Ал-Ананий 1971-жылы 14-мартта Каирда туўылған. Хелван университетиниң туризм ҳәм мийманхана хожалығы факультетин тамамлаған. Кейин Францияда оқыўын даўам еттирип, Монпельедеги Пол Валери университетинде докторлық дәрежесин алды.

М.Пирматова, ӨзА