Видеобақлаўды әмелге асырыўда жеке қол қатылмаслық тәмийинленеди

Төменги палатаның мәжилисинде шахслардың сүўретке болған ҳуқықларын қорғаўды күшейтиўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья додаланды.
– Жойбар менен шахсты сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын келисим алыў мәжбүрий шәрт екенлиги, шахсты сүўретке алыў ҳәм оннан пайдаланыўда балалар ҳуқықтың бийғәрез субъекти екени белгилеп қойылмақта, – деди депутат Ж.Абдуллаев. – Соған бола, сүўретке алыў ҳәм оннан рухсатсыз пайдаланыў мүмкин болған жағдайлар шеңберине және видеобақлаўды әмелге асырыўда жеке қол қатылмаслықты тәмийинлеўге байланыслы талаплар белгиленбекте.

Сүўретке алыўда ҳәм оннан пайдаланыўда 16 жасқа толмаған жас өспиримлер атынан разылық олардың ата-анасынан бири ямаса ата-анасының орнын басыўшы шахслар тәрепинен берилиўи нәзерде тутылмақта. Жәмийетлик орынларда видеобақлаў системалары орнатылған жағдайда бул ҳаққында ҳәммеге көринип туратуғын орында ҳәм формада ескертиўши белги орнатылыўы шәрт екенлиги нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Пуқаралық кодексине киргизилип атырған қосымшаларға бола, видеобақлаў камераларын орнатыў мүмкин болмаған орынлар шеңбери, атап айтқанда, кийиниў бөлмелери, ҳәжетханаларда видеобақлаў системалары орнатылыўы мүмкин емес екенлиги анық белгилеп қойылмақта.
Додалаўлар даўамында депутатлар нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларды, сондай-ақ, усынысларды билдирди. Айырым нормалар қызғын пикир-таласларға себеп болды. Сораў-жуўап ҳәм пикир-таласлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА