Педагоглар ушын әҳмийетли семинар: ҳәр бир балаға тең имканият

64

Нөкис қаласындағы 10-санлы «Нурлы мәкан» мектеп-интернатында республикамыздағы барлық мектеп-интернатлардың директор орынбасарлары, дефектолог ҳәм психологлар, сондай-ақ, тәжирийбели методистлер қатнасыўында имканияты шекленген балалар менен нәтийжели ислесиўге бағышланған илимий-әмелий семинар болып өтти.

Онда арнаўлы билимлендириў процесинде инновациялық қатнасларды енгизиў, балалардың индивидуаллық талаплары тийкарында нәтийжели методикаларды қолланыў, ата-аналар менен бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды. Сондай-ақ, тәжирийбели дефектолог ҳәм психологлар тәрепинен әмелий шынығыўлар өткерилип, қатнасыўшыларға алдыңғы сырт ел ҳәм миллий тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылған методикалық қолланбалар усынылды.

Айтып өтиў орынлы, елимизде имканияты шекленген балалар мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланады. Олардың сапалы билим алыўы ушын шараятлар жаратыў бүгинги күнде және де әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Сондай-ақ, бул бағдарда халықаралық шөлкемлер менен бирликте ислеў нәтийжели болып табылады. Илажда усынылған қолланбалар, усыныслар бундай балалардың тәлим-тәрбия алыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Илаж даўамында өзара пикир алысыў, машқалалы жағдайларды шешиўде нәтийжели шешимлерди ислеп шығыў ҳәм келешекте бирге ислесиўди және де күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги