Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары жетистирилмекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары додаланды.
Бул нызам жойбары менен “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы нызамға ҳәким лаўазымына талабан тийисли халық депутатлары Кеңесинде оның кандидатурасы көрип шығылып атырғанда аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың келешекке мөлшерленген бағдарламасы менен бир қатарда, коррупцияға қарсы гүресиў режесин де усыныўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
“Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында”ғы ҳәм “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында”ғы нызамларға болса Министрлер Кабинети ағзасы лаўазымына талабан оның кандидатурасы Нызамшылық палатасында көрип шығылып ҳәм мақулланып атырғанда Министрлер Кабинетиниң Ҳәрекетлер бағдарламасы менен өз-ара байланыслы болған, келешекке мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бағдарындағы ҳуқықый, экономикалық, социаллық, шөлкемлестириўшилик-техникалық илажларды нәзерде тутатуғын ҳәрекетлер режесинен тысқары коррупцияға қарсы гүресиў режесин усыныўы нәзерде тутылып атыр.
Додалаўлар даўамында фракция ағзалары нызам жойбарының әҳмийетине, соның менен бирге зәрүрлигине итибар қаратып, онда нәзерде тутылып атырған айырым нормалар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Соның менен бирге, бул ҳүжжет мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў системасын жаңа басқышқа алып шығатуғынын атап өтти.
Атап айтқанда, фракция ағзасы Зуҳриддин Мавлоновтиң айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи жәмийетте ашық-айдынлық дәрежесиниң артыўына, бсшылар жәмийетлик алдындағы жуўапкершилигин және де терең сезиниўине хызмет етеди.
Қызғын пикир таласлардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Мәжилисте күн тәртибинен орын алған басқа мәселелер де көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
ӨзА