«Кеше Нөкисте бой тиклеген жаңа, заманагөй 55-мектептиң ашылыў мәресиминде қатнастым.

123

Бул мектеп 870 оқыўшыға мөлшерленген болып, оның имаратында Санлы әўлад орайы ҳәм балаларды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған көплеген дөгереклер жумыс баслады. Комплекс билимлендириўге жаңаша қатнастың үлгиси болып есапланады – балаларды сөзсиз тартатуғын бул жерде заманагөй технологиялар ҳәм келешекке қарай әжайып старт ноқаты жәмленген. Төрткүл районында да және бир жаңа, 77-мектеп ашылды – Қарақалпақстан тийкарғы итибарды сапалы билимлендириўге қаратпақта ҳәм бул мақтаўға ылайық!

Нөкисли балалар ҳәм олардың жүзиндеги күлкиден әтирапқа жыллылық, жаңа нәпес ҳәм шадлық таралып турғандай болды. Бул дәргайдан көплеген билимли ҳәм табыслы, ҳәммемиз мақтанатуғын питкериўшилер жетисип шығыўын тилеймен», деп жазбақта Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги