«Қарақалпақстанда улыўма миллий “Саламатлық марафоны” өткерилмекте, бул баслама – инсанның өзи ҳәм жақынларының денсаўлығына итибарды әдеттеги турмыс тәризине айландырыўға қаратылған.

Нөкис қаласындағы 12 шаңарақлық поликлиника ҳәм 3 жәмийетлик орында халыққа диагноз қойылмақта.
Сондай-ақ, наўқасларды бағдарлаў ҳәм санластырыў системасы енгизилмекте.
Шыпакерлердиң биргеликтеги ҳәрекетлери ҳәм AI TOP-3 CDSS, MuxlisaMED AI, AI Mammo сыяқлы жасалма интеллект шешимлериниң енгизилиўи нәтийжесинде және де жедел ҳәм анық медициналық жәрдем көрсетиў имканияты жаратылмақта.
Тек ғана төрт күн ишинде дерлик 12 мың пуқара тескериўден өтти, соннан 1 700 ден асламы терең тексериўлерден өткерилди, 116 сы болса емлениўге жиберилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан медицина институты балалар хирургиясы бөлиминде қурамалы операцияларды басынан өткерген киши жастағы наўқаслар менен ушырасып, сәўбетлестик. Олардың ерк-ықрары ҳәм шын жүректен күлимсиреўи ериксиз ҳәр биримизди тәсирлендирди.

Еки жаңа жойбар иске қосылды – санлы шаңарақлық паспортты енгизиўге тийкарланған “Шаңарақлық саламатлық мектеби” ҳәм жаслардың жәрдеминде халықтың медициналық саўатлылығын арттырыўды нәзерде тутатуғын “Саламатлық волонтёрлары” усылар қатарына киреди.
Денсаўлықты сақлаўды заман талапларына сәйкес және ҳәр бир инсан ушын қолайлы ҳәм пайдалы системаға айландырыўды мақсет еткен “Медицина новаторлары” жәмәәтиндеги жас қәнигелерге миннетдаршылық билдиремен.
Миллет саламатлығы – бул ҳәммемиз ийинлес болып басып өтетуғын улыўма жолымыз ҳәм жуўапкершилигимиз болып есапланады».-деп жазбақта С. Мирзиёева өзиниӊ телеграмм каналында
Қарақалпақстан хабар агентилиги