Аўылда биринши мәрте бақша есиклерин ашты

110

Соңғы жылларда елимизде балалардың тәрбиясына итибар күшейип,  мәмлекетлик балалар бақшаларын заманагөй талапларға муўапық қайта үскенелеў, ири оңлаў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, балалар бақшалары ушын жаңа имаратлар қурып пайдаланыўға тапсырыў, жеке меншик балалар бақшаларының санын көбейтиў илажлары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, шетки алыс аўылларда ҳәм елатлы пунктлерде жаңа балалар бақшаларын қурыў жумысларының жолға қойылыўы айрықша итибарға ылайық.

Мойнақ районындағы Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да жаңа балалар бақшасы қурылмақта.

Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкарланып усы мәҳәлледе жаңа балалар бақшасының қурылысы басланып, қурылыс жумыслары “Сәўир” ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 3,7 миллиард сумды қурайды.

Дыққатқа ылайық тәрепи Қызыл жар мәҳәллесинде алдын бирде-бир бақша болмаған. Бул жаңа имарат мәҳәлле турғынлары ушын көп жыллардан берли әрман болып келген әҳмийетли социаллық имарат болып есапланады.

Бул жойбар тек ғана мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў емес, ал аналар ушын қолайлықлар жаратыў, халықтың перзентлерин ерте тәрбияға тартыў, жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде де әҳмийетли роль атқарады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги