Өзбекстан Президенти Әзербайжанға келди

57

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиевтиң мирәт етиўине бола әмелий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Габала халықаралық аэропортында Өзбекстан жетекшисин Әзербайжан мәденият министри Одил Каримли, Габала районы атқарыў ҳәкимияты басшысы Сабуҳи Абдуллаев ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.

Сапардың бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы 7-октябрь күни  Түркий мәмлекетлер шөлкеми самммитиниң рәсмий илажларында қатнасады.

ӨзА