“Саламат әўлад ушын” ҳүкиметке қараслы болмаған халықаралық қайырқомлық фондының жумысы жетилистириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Саламат әўлад ушын” ҳүкиметке қараслы болмаған халықаралық қайырқомлық фондының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарды қабыл етти.
Оған муўапық, “Саламат әўлад ушын” ҳүкиметке қараслы болмаған халықаралық қайырқомлық фондының район (қалаларда шөлкемлестирилген таяныш пунктлери сапластырылады.
Таяныш пунктлериниң ўазыйпалары Фондтың аймақлық филиалларына жүкленеди.
Сондай-ақ, усы пунктлердиң бар мүлки белгиленген тәртипте Фондтың аймақлық филиалларына өткериледи.
Орынларда, әсиресе, алыс ҳәм шетки аймақларда репродуктив жастағы ҳаял-қызлар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық жәрдемниӊ сапасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде репродуктив жастағы ҳаял-қызлар ҳәм балалар арасында кеселликти азайтыўға және оларды саламатландырыўға бағдарланған “Саламат ҳаял ҳәм бала айлығы” жылына еки мәрте шөлкемлестириледи.
Балалар ҳәм жас өспиримлер, әсиресе, жас өспирим қызлар профилактикалық тексериўлер менен қамтып алынады, сондай-ақ, наўқас ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған балалар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериледи ҳәм оларды саламатландырыў илажлары көриледи.
“Peace Village International” халықаралық шөлкеми наўқас балаларды тасыў ушын буйыртпа етилген ҳаўа кемесин қабыл етеди ҳәм жибериўде аэронавигация ҳәм жер үсти аэропорт хызметлери ушын жыйымлар ҳәм төлемлерден азат етиледи (жанармай ушын төлемнен тысқары), сондай-ақ, наўқас балалар ҳәм оларды бақлап жүриўши шыпакерлердиң Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аеропортының “CIP” залынан бийпул өтиўи шөлкемлестириледи.
ӨзА