Бас минстр 27 күннен соң отставкаға шықты
118

6-октябрь күни азанда Елисей сарайында Франция Бас министри Себастьен Лекорню отставкаға шығыў ҳаққында арза берди.
«Le Figaro»ның хабарына бола, Франция президенти Эммануэль Макрон бас министр Себастьен Лекорнюдың отставкасын қабыл етти. Ол бул лаўазымда тек ғана 27 күн болды – бул мәмлекет тарийхындағы ең қысқа мүддет.
Лекорнюдың жаңа кабинети сынға алынып, оппозиция исенимсизлик вотумын жәриялайтуғынын ескерткеннен кейин ол лаўазымынан кетти. Елисей сарайы жаңа бас министр ким болатуғынын еле айтпады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги