БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы менен ушырасыў өткерилди

72

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабине Махл менен ушырасыў өткерди.

Бул ҳаққында senat.uz хабар бермекте.

«Сөйлесиў ўақтында БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясының табыслы өткерилгени ҳәм Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламалар халықаралық жәмийетшиликтиң раўажланыўы ушын әҳмийетли екени айрықша атап өтилди. Бул басламалар тийкарында келешектеги режелерди белгилеў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.

Өзбекстанның БМШ ҳәм оның қәнигелескен уйымлары менен бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Тийкарғы итибар Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, гендер теңликти тәмийинлеў мәселелерине қаратылды.

Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалар Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық сәйкес ҳалда алып барылып атырғаны атап өтилди.

Усы мәниде бирге ислесиўди және де кеңейтиў, турақлы раўажланыў бойынша белгиленген миллий мақсетлерге ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша парламентлик тыңлаўлар процесслерине БМШ институтларын да тартыў мәселелери көрип шығылды. Онда, әсиресе, мақсет ҳәм ўазыйпалардың аймақларда орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

Соның менен бирге, жасларды Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў процесслерине жедел тартыў ушын келеси жылы Самарқанд қаласында шөлкемлестириў нәзерде тутылған дүнья мәмлекетлери парламентлериниң жас ағзаларының ХII глобаллық конференциясы шеңберинде ТРМға ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша III глобаллық форумды өткериўге байланыслы алдағы режелер додаланды.

Регион мәмлекетлери басшыларының 7-Мәсләҳәт ушырасыўы шеңберинде 2025-жыл ноябрь айында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳаял-қызларының сөйлесиўиниң гезектеги мәжилисин өткериў режелери де көрип шығылды. Бул формат ҳаял-қызлардың ҳуқықларын алға қойыў ҳәм олардың турақлы раўажланыўдағы ролин беккемлеў тараўында тәжирийбе алмасыў ушын нәтийжели майдан сыпатында өзин көрсетти», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги